Тақыятас районындағы Социал-экономикалық ҳәм педагогикалық кәсип-өнер колледжинде ӨзЛиДеП Тақыятас районлық кеңесиниң шөлкемлестириўинде, район ҳәкимлиги, прокуратура, ишки ислер бөлими, ҳәм Бәнтликке көмеклесиў орайы менен бирликте «Мийнет ярмаркасы» шөлкемлестирилди.

Ярмаркаға райондағы 36 кәрхана, шөлкем ҳәм исбилерменлик субъектлери өзлериндеги 127 бос жумыс орны менен қатнасты.

Илажда 168 жумыс излеп келген пуқаралар қатнасып, олардың 41и жаслар, 23и колледж пикериўшилери, 65и ҳаял-қызлардан ибарат болды.

Илаж даўамында 27 пуқараға жумысқа кириў бойынша жолламалар ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.