(1939-1984)

ЖАҚСЫЛЫҚТЫ   ЖЫРЛАҒАН   ШАЙЫР

                                    Бахыттың қуяшын парлатып кетиң,

                                   Өмирдиң жулдызын жайнатып кетиң,

                                  Мәңгилик естелик орнатып кетиң,

                                 Мәңгилик уйқыға кетпестен бурын.

Өзиниң бир қосығында усылайынша жазғанындай, ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллеринен бири Төлепберген Мәтмуратов, ҳақыйқатында да, әпиўайы, бирақ үлкен адамгершилик қәсийетлери менен де, жоқары адамгершиликти, ар-ҳүждан, жақсылықты, сап муҳаббатты жырлайтуғын жыллы лиризмге толы, нәзик сезимтал поэзиясы менен де тирилигинде өзине мәңгилик естелик қалдырып кеткен шын мәнисиндеги әдебий тулға, ҳақыйқый талант ийеси, үлкен ҳәриплер менен жазыўға ылайық әжайып инсан болды. Оның бул инсаныйлық, дөретиўшилик сыпатлары ўақтында заманласларын да қатты сүйсиндирди. Мәселен, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Сейтов ол ҳаққында оның «Жақсылық сарайы» топламына жазған алғы сөзинде «Сен көз жасындай мөлдир муҳаббаттың, таңғы шықтай таза ҳүжданның, асқар таўдай жоқыры адамгершиликтиң, қара бастың ғамы ушын емес, пүткил адамзаттың ийгилигине бағышланған нандай ҳадал мийнеттиң мақпал даўыслы, бәлент лапызлы жыршысы едиң» (1.Мәтмуратов Т. Жақсылық сарайы. – Нөкис: «Қарақалпақстан», 1986.-3-б.) деп еске түсирсе, профессор С.Баҳадырова «ол әдебиятта қайталанбайтуғын ҳақыйқый шайыр, ҳақыйқый инсан еди», «оның өмир жолы да, өзи де әпиўайы, тек ғана оның қосықлары әпиўайы емес еди…» (2. Баҳадырова С. Ол жақсылық жыршысы еди.// «Әмиўдәрья», 1989, №9. -107-108-б.) деп жазады. Бул пикирлерди белгили илимпаз Т.Мәмбетниязовтың изертлеўлери де тастыйықлап турады. Илимпаз өз изертлеўлеринде шайыр өзи өмирде қандай инсан болса,  әдебий-көркем  дөретиўшилик мийнетте де жақсылықтың әжайып жыршысы болғанлығын айрықша атап өтеди. (3. Мәмбетниязов Т. Т.Мәтмуратовтың жаңа топламы туўралы. // «Әмиўдәрья»,  1987, №7. – 111-112-б.; Поэзия-турмыс, гүрес ҳәм талпыныў. – Нөкис: «Билим»,  1993. – 20-52-б.)

Шайырдың өзиниң де, поэзиясының да усындай бир әжайып дүнья екенлигин ўақтында дурыс аңлай билген М.Нурмухамедов шайыр поэзиясының дәслепки дәўирлеринде-ақ бул поэзияның арнаўлы изетлеўге турарлық екенлигин атап өткен еди. (4. Нурмухамедов М.К. Каракалпакская поэзия. (Краткий очерк). – Ташкент: «Фан»,  1977. – С. 32.)

Ўақтында С.Ахметов, Қ.Султанов, Қ.Камалов усаған илимпазлар да оның дөретиўшилигине айрықша баҳа береди. (1. Ахметов С. Қарақалпақ совет поэзиясы. – Нөкис: «Қарақалпақстан»,  1988.-371-375-б.; Султанов Қ. Инсан қүдирети. Нөкис: «Билим». 1992. – 125-128-б.; Камалов Қ. Дала бүркити. Нөкис: «Қарақалпақстан», 1990. 11-12-б.).

2000-жыллардың басында болса жас илимпаз Э.Ешниязова шайыр поэзиясындағы шеберлик мәселеси бойынша арнаўлы илим изертлеў  жумысын жүргизди. (2. Ешниязова Э. Поэтическое мастерство Т.Матмуратова. Автореф. канд. дисс. – Нукус., 2003.)

Мине, усындай әдебиятымызда белгили орны бар, талантлы әжайып шайыр Т.Мәтмуратов 1939-жылы Қараөзек районында дийқан шаңарағында туўылды. Жаслайынан ата-анасынан жетим қалып, балалар үйинде тәрбияланды. Т.Мәтмуратовтың шайырлыққа, улыўма көркем дөретиўшиликке болған  ықласы усы балалар үйинде тәрбияланып, оқыўшы болып оқып жүрген жылларында-ақ пайда болды. Мектепти питкериўден шайырлық жолды таңлап алғысы келип, Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетине тапсырмақшы болды. Оның журналист, шайырлар таярлайтуғын оқыў орнының студенти болсам, деген бул әрманы 1958-жылы иске асты. Студентлик жылларында Т.Мәтмуратов жақсы әдебий орталыққа араласып, өзиниң курсласлары болған, соң өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкиллери болып жетилискен талантлы жазыўшы-шайырлар, журналистлер А.Арипов, Ш.Халмурзаев, К.Мәмбетов, С.Садықовлар менен жақын дөретиўшилик байланыста болды.

Т.Мәтмуратов университетти питкерген 1963-жылда шайыр сыпатында әдеўир ысылып қалған еди. Көп узамай оқыўшы журтшылығы оның дәслепки  шайырлық саўғасы «Ақ терек пе, көк терек» (1964) пенен танысты.

Шайыр, мине усы 60-жыллардың орталарынан басланған шайыршылық өнерин 70-жылларда әдеўир жетилистирди. Ол республикалық газеталарда, мәмлекетлик радиоеситтириў ҳәм телекөрсетиў комитетинде, соң «Әмиўдәрья» журналында әдебий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, бас редактордың орынбасары болып ислеген жылларында өз мийнет лаўазымларын қандай минсиз атқарған болса, өмириниң ақырына шекем лирикаға, поэзияға садық қалды, көп ғана қосықлар, поэмалар жазды, аўдармалар иследи. Шайыр қысқа өмириниң ишинде «Ақ терек пе, көк терек» (1964), «Лирика» (1966), «Гөззаллық оянды» (1970), «Айсәнем» (1973), «Ашылысыў» (1977), «Арзыў шәмени» (1981), «Жақсылық сарайы» (1986), «Жулдызлар жанар» (1989) қосықлар ҳәм поэмалар топламларын мийрас етип қалдырды. Оның рус тилинде де еки (1984, 1988) поэзиялық топламы басылып шықты. Ол Гётениң «Фауст» трагедиясын қарақалпақ тилине аўдарды. Т.Мәтмуратов 1986-жылы «Арзыў шәмени» поэтикалық топламы ҳәм «Жақсы адамның жүреги»  поэмасы ушын ҚР Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

 

«ХХ әсир қарақалпақ әдебияты тарийхы» китабынан (Әбдисайыт Пахратдинов, Кеңесбай Алламбергенов, Мария Бекбергенова)

                                                                      

  ТӨЛЕПБЕРГЕН МӘТМУРАТОВ

БӘҲӘР КЕЛДИ ЖӘНЕ АЙЛАНЫП

 

Биз ушырасқан сай жағасында,

Бәҳәр келди және айланып.

Онда жалғыз тут ағашына

Сүйенемен аўыр ойланып.

 

Анаў жылы еккен нәлшемиз,

Быйыл көрсең, мине гүллеп тур.

Кеўлим айра түспегенде биз,

Гүллер едик гүл яңлы деп тур.

 

Сен көп қуўған гүбелеклер де,

Көз алдымда мине ушпақта.

Епелеклеп олар ҳәр жерде,

Өтер сайдан, өтер қыспақтан.

 

Сай бойының шоқ бүлбиллери,

Және келип сайрап, жүр әне.

О, сүйиклим жүрген жерлери,

Мен де келдим көклерде және.

 

Сыңқылдысы сайдағы суўдың,

Мени шексиз ләззетке бөлер.

Сайрағаны бағда бүлбилдиң

Жүрегиме йош алып келер.

 

Самаллары сай жағасының,

Елпип есер, кеўил көтерер.

Алып келер қызлардың сестин,

Қыялымды саған жетелер.

 

О, не болды бул жағалардан,

Қарлығаштай елп етип өтсең?

Бәҳәр келди қуслар да ҳәмдам,

Сай бойына келмеген тек сен.

 

Бәҳәр паслы сениңдей емес,

Мезгилинде келеди ол да,

Еле жүрек «қой соны» демес,

Еки көзим тигилер жолға.

 

Биз ушырасқан сай жағасына,

Бәҳәр келди және айланып,

Онда өскен тут ағашына,

Сүйенемен аўыр ойланып.

 

*   *   *

Таўлардың шаўқымлы сайлары өтер,

Өтер, жаслығымның айлары өтер,

Гейде ғамлы, гейде жайдары өтер,

О, мениң дилбарым, сен қайлардасаң?

 

Ағын суў бойында отырсам гәде,

Пәрийшан ойларым болмайды ада.

Арзыўлы яр деген жигитке мәдәр.

Арзыўлы дилбарым, сен қайлардасаң?

 

Төсекке түсип тур шуғласы айдың,

Уйқымды келтирмес суўлары сайдың,

Сен болып турыпсаң шадлығым, қайғым,

Қумар көзли жанан, сен қайлардасаң?

 

Кеўлим көтерилер гүллерди көрсем,

Гүлзардан гүл үзип мен саған берсем,

Сен оған сүйсинип рахмет дерсең,

Гүлимди сүйген яр, сен қайлардасаң?

 

Қаншама қызлар бар! Не пайда бирақ,

Биразы тәкаббир, биразы инақ,

Сүйгениң қайда деп қоймады сорап,

Қызлар сораған яр, сен қайлардасаң?

 

Адамның адамнан билмесем парқын,

Болар ма жүректе буншалар дәртим,

Қосығым ышқымдур, опадур – шәртим,

Сениң ышқыңдаман, сен қайлардасаң?

 

ТЫҢЛА МЕНИ ПОЭЗИЯ ҚУШТАРЫ

 

Тыңла мени поэзия қуштары,

Өлсек бизди тирилтпейме үш дәри?

Поэзия, муҳаббет ҳәм ҳадаллық,

Ал, буларсыз жасағанның … пуш бәри.

 

Муҳаббет  –  бул өмириме бас ҳәрип,

Қыз сүйгенбиз көзимизге жас алып,

Ҳадаллық  –  бул адамзаттың ҳүжданы.

Поэзия – жайнар жаным жасарып.

 

Поэзия – бул жаңғырған сес болар,

Муҳаббет – бул жүги аўыр көш болар,

Бул екўи сап жүректе туўылып,

Ҳадаллыққа қыяметлик дос болар.

 

Тыңла мени поэзия қуштары,

Өлсек бизди тирилтпейме үш дәри?

Үшеўи де қосық болып жасайды,

Ал қосықсыз жасағанның …пуш бәри.

 

АДАМГЕРШИЛИККЕ АБАЙЛЫ БОЛЫҢ

 

Адамгершиликтиң несин айтасаң! –

Кеўил сандығында нағыш, зер болар.

Киси кеўлин қалдырыўға қорқасаң,

Зейинге тийгенлер кейин көр болар.

 

Адамгершилигим – арым, намысым,

Дейип түсингенниң ойы артықмаш,

Жақын ете билер бәрҳа алысың,

Өмир теңизинде шүмип мантықпас.

 

Адамгершиликке абайлы болың,

Өзиң суйық болсаң, тағар жаман ат.

Онда, алыў қыйын иззетли орын,

Мейли тас қопарып, таўды домалат.

 

Шам менен табылар түскен бир тал шаш,

Жиңишке болса да мейли, қаншама,

Адамгершиликти жойтсаң – табылмас,

Егер еки көзиң қуяш болса да.

29-июль 1971-жыл

 

ИСЕНБЕЙМЕН БАСҚА ЖӘННЕТ БАР ДЕСЕ

1

Исенбеймен,

Басқа  намаң бар десе,

Исенбеймен –

Басқа анаң бар десе,

Исенбеймен –

Басқа атаң бар десе,

Исенбеймен –

Басқа Ўатан бар десе.

Исенбеймен –

Басқа зийнет бар десе,

Исенбеймен –

Басқа ҳүрмет бар десе,

Сен жәннетсең,

Сен жәннетсең, Ўатаным,

Исенбеймен –

Басқа жәннет бар десе.

Өз Ўатаным –

Баўыр басқан уям ол,

Барлап көрсең,

Қай ўақ көрсең зия мол.

Өз Ўатаным

Баўырына тартып тур.

Топырағы пахта өскен даламның,

Көкке өскен

Токиодан артықдур,

Бир қысым боп

Нью – Йоркта жүргенше,

Жүрейин дә Шақаманда шалқып бир!

Ай – ҳай, жерим,

Ай – ҳай, ана топырағым,

Аналық сениң ийисиң

Аңқып тур маған, аңқып тур.

 

2

 

Халқым бар мениң.

Бирлигин айтып,

Ҳүрлигин айтып мақтарман.

Өтседе ўақыт

 

Өшпейди аты хатлардан.

Жүрекке орап,

Сезимге орап,

Сезимге орап сақларман.

 

3

 

Өз елимде тас төсеп бер,

Жатайын,

Басқа елдиң

Мамығында жатпайман.

Зат керек пе,

Аз керек пе, көп керек пе,

Сатайын.

Бирақ та мен

Ўатанымды,

Халқымды,

Идеямды сатпайман.

24-февраль,  1976-жыл 

 

ҚУМЛЫ ЖАҒАДАҒЫ ОЙЛАР

 

Көрген көзлериме инанайын ба?

Орнында турақлап турсаң болмай ма?

Жағаңда жүйиткиген қуралайыңа

Зәңгер суўларыңды қыйсаң болмайма?

 

Шошайысқан қумлы төбелер көрдим,

Қайырлап қарайған кемелер көрдим,

Мөлдирликте қай теңизден кем келдиң?

Мөлдиреп Мойнақта тынсаң болмай ма?

 

Әўел көргенимде тас жағыс едиң,

Әмиўдиң суўлары, мәс ағыс едиң,

Өңим бе? Түсим бе? Бул көргенлерим,

Бийкар деп көзимди жумсам болмай ма?

 

Сулыўым жылыслап қашып баратыр,

Кем-кемнен араны ашып баратыр,

Маған Арал емес, қосық баратыр,

Жалмажан изинен қуўсам болмай ма?

 

Әмиў көрки ҳалласлаўда, бурқыўда,

Берилмей шаўқымға, қуры қыйқыўға,

Қумға аққан гәўҳар суўды бийҳуўда,

Өзиңе қаратып бурсам болмай ма?

 

Әмиўди анамдай әдиўлемесем,

Суўларын үнемлеп қәдирлемесем,

Бир тамшысын нан усағы демесем,

Гәўҳар суў соншама арзан болмай ма?

 

Шайырға илҳамын, жойтыў жараспас,

Дәрьяға, теңизге  қайтыў жараспас,

Теңиз қашты дейип айтыў жараспас,

Аралым қайтадан толсаң болмай ма?

 

Бағларға бүркенген Орта Азиям,

Өз мәканым, өз ўатаным, өз уяң,

Серпилдиң бе күн лаплаған жазынан,

Туран ойпатына сыйсаң болмай ма?

 

*   *   *

Таўлар уллы болған сайын,

Қарлы болар төбелери,

Қуяш уллы болған сайын,

Нурлы болар дөгереги.

 

Дәрья уллы болған сайын,

Ағыслары ийримлирек,

Адам уллы болған сайын,

Мийримлирек.

 

Таўлар уллы болған сайын,

Думан жайлар,

Адам киши болған сайын,

Гүман жайлар.

 

Адам киши болған сайын,

Кеўлиңде нур кемирек,

Адам уллы болған сайын,

Көркемлирек.

 

   НАМЫС

 

Инсаныйлық деген бийик минардан,

Сизди қарсы алсын намыс  қуяшы,

Болса да кийимиң ала-шубардан,

Болмасын кеўилдиң ала-ғуласы.

 

Ўатанның намысы теңдей бәршеге,

Адамлар уғыңлар буның мәнисин.

Ар берилмес қырық мың қызыл берсе де,

Бирақ, жан берилер намыс-ар ушын.

 

Ар-намыссыз болыў пәсликке дәрек,

Ар-намыслы болыў саўлат көтериў,

Алтын сақлаў өлиў – қул болыў демек,

Намыс сақлаў өлиў –  байрақ көтериў.

 

Бүлбиллер сайрасын кеўил бағында,

Дос-яран, туўысқан, жақының ушын.

Ўатанды қәдирлең тири ўағында ,

Өлгенде уялмай жатыўың ушын.

 

            ДӘРЕЖЕ

 

Мен ҳәр ўақыт қосық дәптерин

Әдиўлеймен бийдай нан киби,

Оның сөзи, оның гәплери

Жупар ийис болып аңқыды.

 

Оқысам да оны түнлерде,

Күндиз болып туйылды бәрҳа,

Қосық гәўҳар қәдирин билгенге,

Жақтыртады ойынды бәрҳа.

 

Ах, шайырлар, тили наўалы,

Жалғыз жүрсем жанымда барсыз,

Узап кетсем ашып араны,

Журттан бурын сағындырасыз.

 

Кеўлиңиз ғәзепке толып,

Таныттыңыз Гамлетти бизге,

Өзлериңиз «дозақта» болып,

Қалдырдыңыз жәннетти бизге.

 

Шайыр кеўли мудам пәрўазда,

Шайыр емес ўақты бос болған,

Шайырлықты тахтқа алмаспа,

Қай патшаға шайыр дос болған?

 

Мен ҳәр ўақыт шайыр столын

Артық қойдым патша тахтынан,

Себеп: оны ҳеш ким өш болып

Қыйрата алмас, бүгин жоқ гүман.

 

Көп қыйралған елде тажы-тах,

Аты өшкен талай зордың да,

Көп патшалық кеткен шашылып,

Тек шайырлар қалған орнында.

 

Талай қылыш қалар зәң басып,

Өзгереди талай достың да,

Талай мәўсим келер аўмасып,

Тек шайырлар қалар постында.

 

Өзгереди талай ҳәмелдар,

Жан досларым, болсын есиңде׃

Тек те мениң шайыр ағамлар

Турар бийик дәрежесинде.

сентябрь, 1973-жыл

 

ҚӘЛЕМЛЕС ӨЗБЕК ШАЙЫРЛАРЫНА

 

Ким де ким шайыр болса,

Абдулла ҳәм Еркин болғай,

Жүреклерде меҳир болғай,

Қосықларда толқын болғай.

 

Орташа шайырларға

Шериятта жулдыз болыў

Ар-уятта жулдыз болыў

Жулдыз болыў мүмкин болғай.

 

Шайыр деген жақсы адам,

Таныс адам, қалыс адам,

Сақал-муртың болмасада,

Қосығыңда муртың болғай.

 

Өзбек деген өз ағамыз

Ташкент қутлы босағамыз,

Қарақалпақ шерияты,

Өз дүньяң, өз мүлкиң болғай.

18-декабрь,  1973-жыл.