Усы жылдың 27-янарь күни Мойнақ районлық Ишки ислер бөлими хызметкери Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң атына мәлимлеме менен мүрәжат еткен. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Мүрәжатта усы жылдың 26-январь күни Қоңырат районы «Қарақурсақ» посёлкасында жасайтуғын Д.Г. басқарыўындағы «УАЗ» автомашинасы «Мойнақ-Қоңырат» жолының 63-километринде жол-патруль хызмети хызметкерлери тәрепинен тоқтатылғанда, автомашина жүк бөлмесинде тийисли ҳүжжетлерсиз Қоңырат районы «Қоңырат УУРБ» бурғылаўшы хызметкери С.Ж.ға тийисли болған 30 қалта цементти алып баратырғанлығы анықланған ҳәм орнатылған тәртипте рәсмийлестирилип, Мойнақ районлық ИИБға тапсырылған.

Жағдай бойынша районлық ИИБ хызметкерлери сорастырыў жумысларын жүргизип атырған ўақытта С.Ж. хызметкер усы жумысты унамлы тәрепке шешип бериў ҳәм топланған ҳүжжетлерди судқа өткерип жибермеў ушын пара сыпатында 2000 АҚШ долларын усыныс еткен.

Бул мәлимлеме бойынша усы жылдың 27-январь күни Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы Қарақалпақстан Республикалық бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасының хызметкерлери менен биргеликте өткерилген илаж нәтийжесинде С.Ж. долларын ИИБ хызметкерине хызмет бөлмесинде пара сыпатында 2000 АҚШ берген ўақытта илаж қатнасыўшылары тәрепинен усланған.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери жүргизилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.