Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының  «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Илажда бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, бажыхана уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, бизнести раўажландырыў жолында ушырасып атырған бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар, соңғы өзгерис және қосымшалар туўралы кең түрде түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, 2018-жыл 1-декабрьден баслап «сары» ҳәм «қызыл» коридорлар иске түсирилген болса, 2019-жыл 1-марттан баслап «жасыл» және «көк» коридорлар әмелиятқа енгизиледи. «Сары коридор»да бажыхана декларациясы, ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды тексериў бойынша бажыхана қадағалаўының түрлери қәўип дәрежеси орта көрсеткишке ийе ямаса күтилмеген таңлаўда анықланған товар ҳәм транспорт қуралларына байланыслы әмелге асырылса, «қызыл өткел» бажыхана қадағалаўының түрлери қәўип дәрежеси жоқары көрсеткишке ийе ямаса күтилмеген таңлаўда анықланған товар ҳәм транспорт қуралларына байланыслы әмелге асырылады. «Жасыл коридор»да қәўип дәрежеси төмен бол­ған товар ҳәм транспорт қуралларын шығарып жибериў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенде, бажыхана қадағалаўының түрлери оларға байланыслы әмелге асырылмайды. «Көк коридор»да болса, қәўип дәрежеси орта көрсеткишке ийе ямаса күтилмеген таңлаў тийкарында анықланған товарларға байланыслы бажыхана қадағалаўының түрлери олар шығарып жиберилгеннен cоң әмелге асырылады. Бул система товарлар шегара арқалы алып өтилгенде бажыхана операцияларын тезлестирилиўи менен пуқараларға, соның ишинде исбилерменлерге жеңиллик жаратады.

Сондай-ақ 2019-жыл 1-февральдан баслап, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Ташкент ўәлая­ты ҳәм Ташкент қаласы бойынша басқармалары «Ташкент-АЭРО» қәниге­лестирилген бажыхана комплексиниң бажыхана постларында сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшыларына бажыхана жүк декларациясын толтырыў бойынша бийпул хызмет көрсететуғын шахслардың арнаўлы топары — «фронт-офис»  ҳаққында кең түсиник берип өтилди.

Ушырасыўда исбилерменлерге тараўдағы ҳәр қандай көринистеги коррупциялық ҳәрекетлерге қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўда жәмийетшиликтиң жәрдеми зәрүрлиги атап өтилди. Пуқараларымыз өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша 24 саат даўамында Мәмлекетлик бажыхана  комитетиниң «1108» қысқа номерли «Исеним телефонына» ямаса Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының 224-02-68 номерли телефонына қоңыраў етиўи мүмкин.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.