9-Февраль — Әлийшер Наўайы туўылған күн
Низамаддин Әлийшер 1441-жылдың 9-февралы күни Ҳерат қаласында туўылды.
Әлийшерди төрт жасында мектепке береди. Әкеси Ғиясаддин Кишкене темирийлер сарайының абырайлы әмирлериниң бири еди. Сонлықтан Әлийшер темирийлер ханаданларының балалары менен бирге тәрбияланды.
Әлийшер мектепте оқып жүргенинде қолына уллы парсы шайыры Фаридиддин Әттардың (12 әcирдиң екинши ярымы – 13 әcир басында жасаған) «Мантиқут-тайр» («Қус тили») деген китабы түсип қалады. Бул дәстанның оған қатты тәсир еткенлиги сондай, усы шығарманың тәсиринде ол адамлардан қашатуғын, жалғызлықты сүйетуғын болып қалады. Баласының ҳаўайы болып кетиўинен қорққан әкеси оның қолынан китапты алып қояды – бирақ, бул пайдасыз еди, себеби Әлийшер дәстанды қашшан ядлап алған еди. Сондай-ақ Муслиҳиддин Саадийдиң (1184–1292) «Гүлистан» ҳәм «Бостан» китаплары оның балалығында оқыған ҳәм түсинген шығармалары болды.
Әлийшер бес жасында оқып ҳәм жазып билген. Жети-сегиз жасларында ол шағатай ҳәм парсы тиллериндеги бәйтлерди ядтан оқып, адамларды ҳайран қалдырған. Шайыр өзиниң неше жасынан баслап қосық жаза баслағаны туўралы мағлыўмат қалдырмаған. Бирақ изертлеўшилер оны жети-сегиз жасларынан баслап айырым бәйтлер тоқый баслаған болыўы мүмкин, деп шама қылады. Он бес жасларына келип Әлийшер түркий ҳәм парсы тиллериндеги ғәззеллери менен әдебият ықласбендлери арасында кең танылды. Түркий тилдеги шығармаларын Навоий (сазлы, намалы), ал парсы тилиндеги шығармаларын Фаный (өткинши) деген тәхаллуслер пенен жазды.
Әлийшер Ҳерат, Мешҳед ҳәм Самарқанд медреселеринде тәлим алады. 1466–1469-жыллары Самарқанд медресесинде келешектеги Хорасан ҳүкимдары султан Ҳүсейин Байқара (1438–1506) менен бирге оқыды ҳәм досласты.
Әлийшер шама менен 18–19 жасларында Ҳератта уллы парсы шайыры ҳәм уламасы Әбдираҳман Жәмий (1414–1592) менен танысты ҳәм оны өзине устаз тутынды.
1469-жылғы темирийлер мәмлекети ҳүкимдары Әбиў Сейидтиң өлиминен соң басланған темирийлер сулаласы ағзалары арасындағы тахт ушын гүрес ақыбетинде мәмлекет екиге бөлинип кетти. 1469-жылдың 24-мартында султан Ҳүсейин Ҳератты ийеледи. Әбиў Сейидтиң уллары Мәўераннаҳрға кетип, бул жерде ҳәкимиятты өз қолларына алды.
Енди Хорасан мәмлекетиниң ҳүкимдары болған султан Ҳүсейин өзине Байқара атын алды. Оның мәмлекети темирийлердиң Хорасандағы (ҳәзирги Афғанстанның арқа-батыс ҳәм Иранның арқа-шығыс районлары) ийеликлеринен ибарат болды.
Усы жылдың апрел айында Әлийшер де Самарқандтан Ҳератқа келди.
Әлийшер Ҳүсейин Байқараның дәўиринде 1369-жылдан баслап сарайда мөҳирдар лаўазымын ийеледи. Ал 1472-жылы әмир дәрежесин алды (оның Мир Әлийшер деп аталыўы усы тийкарда) ҳәм 1472–1487-жыллар аралығында мәмлекеттиң ҳүкимет баслығы – бас ўәзири лаўазымын ийелеп турды.
1487-жылы сарайдағы ҳәмелдарлар арасындағы интригалардың нәтийжесинде Әлийшер Наўайы менен Ҳүсейин Байқараның арасы бузылды ҳәм патша оны Каспий теңизи бойындағы Астрабад қаласына ҳәким етип жиберди. Бул кеше мәмлекетти басқарып турған уллы ўәзирди сүргинге айдаў еди.
Әлийшер Наўайы Астрабадта бир жылға жақын ўақыт ҳәкимлик лаўазымын атқарып, Ҳератқа қайтып келеди ҳәм өмириниң ақырына шекем сарай ислерине араласпай, тыныш өмир сүрип, дөретиўшилик жумыслары менен шуғылланады.
Әлийшер Наўайы мәмлекетлик хызметте болған ҳәм буннан соңғы өз ҳалына өмир сүрген дәўиринде Ҳерат қаласын абаданластырыў, оны Ислам Шығысында үлкен әдебият, илим-мәғрийпет ошағына айналдырыў жолында көп хызметлер етти.
Әбдираҳман Жәмий ҳәм Әлийшер Наўайының әтирапында Ҳератта зыялылар дөгереги қәлиплести ҳәм Әлийшер өз шығармаларын усы билимданлардың сын көригинен өткерер еди.
Бабур ҳәм Хандемирдиң тастыйықлаўы бойынша, Әлийшер Наўайы өз дәўириниң ең дәўлетли адамларының бири болды. Хорасан мәмлекетиниң барлық ўәлаятларында – Ҳератта, Себзеўарда, Астрабадта ҳәм басқа да жерлерде оған тийисли жер ҳәм көшпес мүлклери, дән марданлары ҳәм қой сүриўлери болды. Әдетте патшалар өз әмирлерине қазнадан сый-саўға беретуғын болса, Әлийшер Наўайы Ҳүсейин Байқара ҳәм оның ханаданы ағзаларына ири пул қаржыларын саўға етип турған.
Әлийшер Наўайының басламасы ҳәм айырым ўақытлары өз қәрежетлери есабынан Ҳератта бир қатар ири қурылыслар әмелге асырылған. Ҳераттың ортасынан ағып өтетуғын Инжил арнасының бойында жәмийетлик илимий-ағартыўшылық комплекси қурылған – оның қурамында китапхана, медресе, ҳанақа (дәрўишлер жатақханасы) ҳәм шыпахана болған. Наўайының қаздырған жигирмаға жақын ҳаўызлары пүткил Ҳератты суў менен тәмийинлеп турған. Шәҳәрдеги бас ўәзир қурдырған тоғыз монша шәҳәрлилердиң социаллық мүнәсибетлер орайлары болған. Он беслеген көпирлер, жол бойларындағы рабатлар (қонақүйлер) Ҳерат турғынларының ҳәм келип-кетиўшилердиң пайдасына хызмет еткен.
Наўайы ҳанақаларда ҳәм мәсжидлерде сол аймақтың аш-қаллашларына аўқат тартып, жалаңашларына кийим-кеншек үлестирип турған.
Өмириниң ақырында Наўайы Ҳератта өз қәрежетлери есабынан жәмәә мәсжидин салдырды.
Әлийшер Наўайы өзи жүдә кемтарана ҳаят кеширген. Үйленбеген ҳәм кәнизеклери де болмаған. Ол өзи жолын тутқан нағышбәндийлик тарийқатының талапларына муўапық дәрўишсыпат адам болып жасаған.
Әлийшер Наўайы энциклопедиялық билимлерге ийе адам еди. Ислам дүнйасының ҳәр қыйлы тәреплерине барған саўдагерлер ҳәм саяхатшылар оған сийрек ушырасатуғын қымбат баҳалы китапларды алып келетуғын болған. Ол өзиниң усы бай китапханасын жәмийетлик пайдаланыўға берип қойған.
Шайыр 1465–1466 жылдан баслап өз шығармаларын топлап, оларды дийўан (топлам) ҳалында көширте баслайды. Бул дийўанлары «Бадойиул-бидоя» («Көркемликтиң басламасы», 1470–76) ҳәм «Наводирун-ниҳоя» («Шексиз естеликлер», 1476–83) деп аталады.
Әлийшер Наўайы 1483–1485-жыллар аралығында, еки жылдан асламырақ ўақыт ишинде, атақлы «Хамса» эпопеясын жазып питкереди. Хамса – араб тилинде беслик дегенди аңлатып, бес дәстаннан туратуғын эпопеяның атамасы. Бундай хамсалар жазыў парсы әдебиятында үлкен дәстүр болған. Наўайы өз хамсасын уллы парсы шайыры Низамий Гәнжәўийдиң (1141–1209) «Хамса»сына жуўап (нәзийра) сыпатында дөреткен.
Наўайының «Хамса»сы «Ҳайратул-аброр» («Жақсы адамлардың ҳайранлыққа түсиўи»), «Фарҳад ҳәм Шийрин», «Ләйли ҳәм Мәжнүн», «Сабъаи сайер» («Жети саяхатшы»), «Садди Искандарий» («Искендер дийўалы») дәстанларынан турады.
Өмириниң соңғы дәўиринде – 1488–1501-жыллар аралығында Наўайы қағаздан бас алмай жазыў менен машғул болды
1488-жылы «Тарихи мулуки Ажам» («Әжам шаҳлары тарийхы»), 1491-жылы «Мажолисун-нафоис» тәзкиресин (антология) дүзди ҳәм соңынан оны толықтырып, редакторлады. 1492–94-жыллары устазы ҳәм досты уллы парсы шайыры ҳәм ойшылы Әбдираҳман Жәмий туўралы «Хамсатул мутаҳаййирун» («Бес ҳайранлық») атлы мийнетин жазды. 1492-жылдан соң араб ҳәм парсы тиллери поэтикасының өзеги болған аруз өлшеми туўралы «Мезонул-авзон» («Ўәзнлер өлшеми») атлы мийнетин жаратты. 1496-жылы 15 әсирдиң уллы уламасы ҳәм шайыры Паҳлаўан Маҳмудтың өмирине арналған «Ҳолоти Паҳлаван Маҳмуд» өмирбаянлық-көркем шығармасын дөретти. 1496-жылы суўфылар туўралы «Насойимул-муҳаббат» («Муҳаббат самалы») атлы мийнетин жаратты.
Наўайы 1491–1498-жыллар аралығында өзиниң түркий ҳәм парсый лирикалық шығармаларын жыйнап, үлкен төрт дийўан дүзди.
Шайыр бул төрт дийўанның ҳәр бирине инсан өмириниң мәўсимлерине муўапықластырып ат берди. Ол 7–8 жаслардан 20 жасларға шекемги дәўирди инсан өмириниң бәҳәри деп қарады ҳәм балалығында жазған шығармаларының жыйнағын «Ғаройибус-сиғар» («Балалықтың әжайыплары») деп атады. 20 жастан 35 жасқа шекемги дәўирди инсан өмириниң жазы есаплап, бул дәўирге тийисли дийўанына «Наводируш-шабоб» («Жигитлик естеликлери») деп ат берди. Инсан өмириниң гүзи сыпатында көрген 35–45 жаслары аралығында жазған шығармаларын «Бадойиул-васат» («Орта жас гөззаллықлары») деп атады. 45 жастан 60 жасқа шекемги дәўирди өмир қысы санап, бул дәўир шығармаларын «Фавойидул-кибар» («Ғаррылықтың пайдалары») деп атады. Ҳәр бир дийўанға 650 ден ғәззел ҳәм басқа жанрлардағы қосықлар киргизилди. Улыўма бул дийўанларда шайырдың 2600 ден аслам ғәззеллери ҳәм басқа формалардағы поэтикалық шығармалары жәмленген.
Бул жыйнаққа «Хазойинул-маоний» («Мәнилер ғәзийнеси») деген ат берилди. Сондай-ақ жыйнақ төрт дийўанды өз ишине алғанлығы ушын «Шар дийўан» («Төрт дийўан») аты менен де белгили.
Шайыр өзиниң парсы тилинде жазған шығармаларын «Девони Фоний» («Фаный дийўаны») деген ат пенен топлады.
Улыўма алғанда Әлийшер Наўайының шайырлық мийрасы 45 мың қатар шамасындағы түркий ҳәм 12 мың қатар шамасындағы парсый поэтикалық шығармаларынан ибарат.
Әлийшер Наўайы жүдә өнимли ислеген қәлемкеш еди. Өзиниң гүўалық бериўинше, оның гейде бир-еки, гейде үш-төрт ғәззел жазған күнлери болған.
Шайыр 1498–1499 жылларда «Лисонут-тайр» атлы философиялық дәстанын жазды Усы шығармасы менен бир ўақытта «Муҳокаматул-луғатайн» («Еки тил талқыcы») шығармасын жаратты.
1500-жылы Наўайы соңғы шығармасы – «Маҳбулул-қулуб» («Кеўиллердиң сүйгени») шығармасын жазды.
Наўайының бул аталғанлардан басқа да бир қатар диний-мораллық, тарийхый-биографиялық шығармалары бар.
Әмир ҳәм шайыр Низамаддин Мир Әлийшер Наўайы 1501-жылы 3-январ күни Ҳерат қаласында қайтыс болды.
Әлийшер Наўайы шығармаларының барлығы дерлик бизиң дәўиримизге қолжазбаларда жетип келди.
Әлийшер Наўайының дөретиўшилиги моңғоллар жаўгершилигинен соңғы дәўирдеги барлық түркий тиллес әдебиятларға үлкен тәсир жасаған уллы мәдений байлық болып табылады.
Әлийшер НАЎАЙЫ
ҒӘЗЗЕЛЛЕР
* * *
(Не наво соз айлагай булбул гулистондин жудо)
Неге сайрасын бүлбил, болса гүлистаннан жуда,
Тоты да сес шығармас – болса шийрин ләбиңнен жуда.
Қуяштан жасырынсаң – қорқаман әлем өртенер,
Ҳәр ушқын болар бул отлы пығаннан жуда.
Деме, мени жойтып көп нала шекпей атырсаң,
Тән қалай жыласын, болса нәпес жаннан жуда.
Айралық өлимнен жаман, пәлек, жарылқасаң мени –
Әйлегил жаннан жуда, әйлеме жананнан жуда.
Болса жүз жаным, ал, әй ҳижран, лекин әйлеме
Ярды меннен жуда яки мени оннан жуда.
Ўисалға жеткен гүбелек өртенди – бул мәҳәлде
Таң оны әйледи түн бойы жанған шамнан жуда.
Бир ийесиз ийт болып еди Наўайы ярсыз,
Болмасын, я Рәббим, ҳәргиз бенде султаннан жуда.
* * *
(Эй насими субҳ, аҳволим дилоромимға айт)
Әй таң самалы, ҳалымды диларамыма айт,
Зулпы сүмбил, жүзи гүл, сәрўи гүландамыма айт.
Себеп лалы ҳәсиретинен қан жутарман дембе-дем,
Әйш-бәзимде әлине гүлгин шарап тутқаныма айт.
Шарабым талқ болды, көзжасым зәҳәр болды –
Буны барып ләби шийрин, ләбизи заққымыма айт.
Ҳижран түни күндизиңди неге түнек қылды, деп,
Сорама бул сөзди меннен, ол таңы жоқ түниме айт.
Ол пәрийдиң жолында мен ар-уяттан қол жуўдым,
Көңил улысында енди ол аты жаманыма айт.
Әй көзиашық, қозғалаңдур мениң қылған ислерим –
Рәббим мени кеширер ме, сен усының анығын айт.
Наўайы ғам ишинде шықпас қурдымда, әй дос,
Зинҳар, оның ҳалын, көрсең, диларамыма айт.
* * *
(Боғ мендек сарғариб, булбул менингдек бўлди лол)
Бағ мендей сарғайып, бүлбил де мендей болды лал,
Усындай болар екен гүлден айрылғандағы ҳал.
Шақадан түскен жапырақ ғәрип жердиң үстинде –
Сарғайып кеткен жүзи және қызыл жолақлары бар.
Көргенлер суўға түскен қырмызы жапырақларды –
Көз жасыма шомылған баўырым деп әйлер қыял.
Шақасы – Мәжнүн болар, жылайды жалаңаш түсип,
Жапырағы – Ләйли болар, көк ийне менен қойды қал.
Яр кетти тыңламай аҳымды, лекин шүкирим бар –
Хазан түскенде ол сәрўиге зыян бермес самал.
Ашшы көзжасларым жуўды бул сарғайған жүзимди –
Бул гүздеги бағ ишинде сақлар мени таза ҳаўа.
Маған ўисал ўәде етер ышқы бағының бәҳәри,
Тилегимди бермесе яр – өмирим хазан мысалы болар.
Не пайда бағ ишре гүллер пардоз бергенинен өзине –
Гүздиң қәҳәринен аман қалмас бирде-бир нәл.
Әй Наўайы, бәҳәр болар бийрәҳим гүздиң орнына –
Келсе ол улысты уйқысыз қойған шаҳзада сәҳибжамал.
* * *
(Қоши есунми дейин, кўзи қаросинми дейин)
Қасың – кәман, көзиң – қара екенин айтыў керек пе,
Ҳәр бириниң көңлиме бәле екенин айтыў керек пе?
Көзиң қәҳәрин айтсам, кирпигиң зәҳәрин айтсам,
Сен басқан топырақ аман екенин айтыў керек пе?
Ышқың дәртин айтсам, ҳижраның жәбирин айтсам,
Бул дәртке тек ўисалың даўа екенин айтыў керек пе?
Зулпың дәлийлин айтсам, ләбиң кәламын айтсам,
Бири шынжырлап, бири босатарын айтыў керек пе?
Жүзиңде қалыңды айтсам, бойың сәрўи екенин айтсам,
Көк көйлек үстинен кийген гүлрәң шапанды айтыў керек пе?
Дүнйа – бийрәҳим, десем, дәўир – мийримсиз, десем,
Жаныма ҳәр бириниң жәбриў-жапасын айтыў керек пе?
Әй Наўайы, залымның көзи-қасының тәрийпин туўар,
Ол ярдың қасы кәман, көзи қара екенин айтыў керек пе?
* * *
(Ўтга солғил сарвни, ул қадди мавзун бўлмаса)
Отқа салғыл сәрўини, қәдди рәўан болмаса,
Самалға ушыр гүлди, қызыл рәңли болмаса.
Ғам түни аҳым самалы есер ҳижран таўына,
Қәне еди таў орнында таңда саҳра болмаса.
Делбеликтен, ўаҳ, ҳәр дем дәртим еселенер, егер
Ол пәрий ышқында ҳәр дем дәртим есе болмаса.
Көңлим қолыңда өлмек истер, сен таң атсын дедиң,
Усы дем өлтир – бул ығбалға ол қайыл болмаса.
Бутханада ҳирқамды[1] гиреўге алмайды, әй шайх[2],
Мәй узатпас, егер өзимди гиреўге қоймасам.
Қой бул дүнйаның ислерин, ўисал истер болсаң,
Бунша дүнйа матасы баҳасы төмен болмаса!
Әй Наўайы, жалтарма ол пәрий Мәжнүн десе сени,
Ким пәрийге ашық болар, егер Мәжнүн болмаса?!
* * *
(Мени мен истаган ўз суҳбатига аржуманд этмас)
Мениң қәлеген адамым мени сәўбетине келтирмес,
Мени қәлегенниң сәўбетине бул кеўлим рай бермес.
Не бәҳәр табарман оннан, ол менен бәҳәр истесе,
Оннан алған бәҳәрим мени бәҳрәмәнд етпес.
Барсам ол пери бәзмине – өлтирер я тири қояр,
Сыртлай ғәзеп етсе, мәйли, пинҳан тәбәссүм етпес.
Ай менен күннен не хайыр – жат ҳүснлер бәлесинен
Иши-тысымды мың пәрше және бөлек-бөлек етпес.
Мәжнүндей есерленип келсе тез ол жан алғышым –
Қапа көңлимнен тысқарыда сәмен шабысын көрсетпес.
Көңил үз дүнйа ойнынан – жеңе алмайсаң оны,
Әжел сыртпағынан басқа тал мойныңа қурық түспес.
Ол ай отлы жүзин ашса, Наўайы көз тиймесин, деп,
Муҳаббат гүлинен басқа ол отта гия түтетпес.
* * *
(Гул сочар ел боғ аро, сарви равоним келдиму?)
Гүл ийиси бағ ишинде, ол сәҳибжамалым келди ме?
Ийиси гүлден зыят мәлҳамы жаным келди ме?
Бийҳуш едим, усы сөзди айтыўға есимди жыйдым,
Айтың, мени әўере-сарсаң қылған жанан келди ме?
Ол қәсте қалып еди, мен мәйханаға кеткенде,
Аңламаппан, төсектен турып ол бийҳалым келди ме?
Демеңлер, жәллатлар келди сени өлтиргели,
Өзим қәлеп жан берер ол жәллатым келди ме?
Айралықтан өлди демең – басыма келди Мәсиҳ[3],
Айтың, ол руўҳымның әби-зәмзамы келди ме?
Хабар бердиң көшеме ашықлар келгенинен,
Айтпадың – дәптеринен атымды өширген келди ме?
Мен хилўетте жатыр едим – келеринен гүдер үзип,
Әй Наўайы, көп мәрте келемен дегеним келди ме?
* * *
(Боғдин келди насиму гул исин келтурмади)
Бағ ишинен келди самал – гүл ийисин әкелмеди,
Ғамлы көңлим тикенлерин ол суўырып бермеди.
Ләби лалына умтылып дембе-дем жуттым ҳәсирет,
Алла-Алла, не қанларды маған бул ғам иширмеди.
Ҳижран түни көзли етти, күндиз болғанда аспанға
Нешшақлым телмирсем де – қуяш көзге көринбеди.
Айралығы дәртинен әжелге айттым арзымды,
Мийирманлық көрсетип, ол дийдарға жеткермеди.
Ўисалына зар болып шырлады бул ғәрип жаным,
Ҳижран жанды бул тәннен алмады я емлемеди.
Гүлдиң зары көкке суўырды бир бүлбилдиң пәрлерин,
Пәлек зулымы жапырақларын оның көкке суўырмады.
Әй Наўайы, бийўапа болып шықты сениң жақсы дегениң –
Өзгеге кеўил берди, саған көз қыйығын салмады.
* * *
(Гар аламимға чора йўқ, бўлмаса бўлмасин, нетай!)
Қайғымның шарасы жоқ – болмаса болмасын, мәйли!
Ғамымның есабы жоқ – болмаса болмасын, мәйли!
Ренжиме усындай болса саны, истеги сол болса неттим,
Дәртиме шегара жоқ – болмаса болмасын, мәйли.
Есимди жыйнай алмадым, есимди жыйнаўға, әй зәҳид[4],
Пал ашыў зәрүрлиги жоқ – болмаса болмасын, мәйли.
Яр өзгениң мақсуўдын берер, бирақтағы мен тәрепке
Көз ушынан нәзер салмас – салмаса салмасын, мәйли.
Ўисалы шамы менен улыс түни минаўўар, мениң
Бахтыма бир ушқын ҳәм жоқ – болмаса болмасын, мәйли.
Тәғдирдиң жазғанына көндим, булдур пәлектиң қәлеўи,
Ҳалымды ашық айтып болмас – болмаса болмасын, мәйли.
Дедим: Наўайы өз дәртине шара таппады. Деди:
Мен берген дәртке шара жоқ – болмаса болмасын, мәйли.
* * *
(Музтариб кўнглум аро ул юз хаели айланур)
Муңға толы көңлимде ол ярдың арзыўы жасар,
Мисли айдын үстинде қуяш шуғласы ойнар.
Гә жүзи жилўа әйлер, жылўагердур зулпы ҳәм –
Меҳир көрсетсе әлем сая киби шайқалар.
Ышқы өртеди улысты – сен де күймей қалмассаң,
Тоғайға ушқын түссе – өртенер барлық шөп-шарлар.
Ишимди отқа алдырып, қәддим жайдай ийерсең,
Билгеним – ол шоқ сәнем шәўген[5] ойнаўға атланар.
Оның шоқлығын биледи бул елдиң жақсылары –
Әлемди өртеў бабында ушқын жасынға айналар.
Жамалың сүўретинен басқа жаққа аўмас көңлим,
Қус өзин шыраққа урды – қанатлары күйер-қалар.
Сақый, мәй бер бундай ғам түни ҳижран дағынан
Бир қолайсыз түс көрип бул қәсте жан қыйналар.
Ким жанын әйлеп пида бул дүнйада дос тапса,
Аңлағыл, әй дос, не жаманлық болса сол достан болар.
Бахытлы сол, кимниң басы астында жатса яр қолы,
Наўайы пақырға өз қолы түнлерде дастық болар.
* * *
(Меҳр кўп кўргуздим, аммо меҳрибоне топмадим)
Көплерге мийирман болдым – маған мийирман таппадым,
Көплерге жан пида қылдым, мени сүйген жан таппадым.
Ғам толды бул көңлиме – мен ғамхорымды көрмедим,
Айралықта қәсте болдым – жубатар жан таппадым.
Ышқы деп болдым ишқысталық оғына нышана,
Бул қасы кәманда туўрылықтан нышан таппадым.
Көңлим ишре ғумша – садақ оғы, гүл – тикен,
Дүнйа бағы ишинде бундай гүлистан таппадым.
Ҳүсн мүлки ишинде сендей залым шаҳ көрмедим,
Ышқы жолында өзимдей бийшара таппадым.
Көп оқыдым Ўамық, Фарҳад, Мәжнүн қыссасын,
Өз ҳалымнан әжайыбырақ дәстан таппадым.
Дүрлерди нәзик мәнили бул ғәрип көңлимдеги
Жолына шашыўға дийди нәзик сәўер яр таппадым.
Ол аманлық ишинде болсын, әй Наўайы, мәйли мен
Ышқы дүнйасы ара бул жанға ғамнан аманлық таппадым.
* * *
(Минг ўтум бор, айлай олмасмен аен мингдин бирин)
Мың отым бар, әйлей алмаспан аян мыңнан бирин,
Дүнйа өртенер елге етсем дәстурхан мыңнан бирин.
Жисмимде мың жара көрсең ҳеш тәәжипленбе,
Иштеги жаралардың көрсеттим мыңнан бирин.
Бул айралық көңлимди жүз мың пәрше еттилер,
Табалмаспан излесем мен олардың мыңнан бирин.
Ҳижран оты бир емес мың мәрте өртеди мени –
Әлем өртенеди қылсам баян мыңнан бирин.
Мен сүйген жанларыма мың мәрте ўапалы болдым,
Бирақ таппадым өзиме солардың мыңнан бирин.
Әй Наўайы, пәлекке бири не, мыңы не – өртенбе,
Қайтарма бул келген бәлелердиң мыңнан бирин.
* * *
(Ишқинг ўтиға қуруқ жисмим ўтун)
Ышқың отына қурғақ жисмим отын,
Кеўил жулдыз оған, аҳым – түтин.
Тыйық пенен жарды ма көксиңди, демең,
Соң етер тыйық пенен өзи оны пүтин.
Күндизим түн болды зулпыңнан,
Ҳәр талы өмириме түйин үстине түйин.
Көзиме көринсе, депсең, аларман жанын,
Ҳижраның өлтирсе керек оннан бурын.
Қалай сәнем мени ертең көреди,
Сағынышы керек өлтирсе бүгин.
Сақый, сүзбеге сен берген мәйди,
қалмапты ҳирқамның жери пүтин.
Ойнап өлтирди Наўайыны, көриң,
Шыны не екен бул болса ойыны.
* * *
(Неча кўйидин чиқарға йўл сари боқиб турай)
Шығар болса көшесинен – мен жолына тигилдим,
Ҳәмме алдында үмбедүм – мен алыстан телмирдим.
Ол шоқ сәнем жүз жылўа әйлесе ҳәр тәрепке,
Мен аҳ шегип бул басыма ҳәр дем бәлелер келтирдим.
Яр ат шаўып өткен жолдың шаңын ел көзине сүртти –
Мен узақта турып басыма майтопырақты септим.
Оның жүзи жарығынан елдиң түни жақты болды –
Жан қусын мен ол отқа түскен гүбелек еттим.
Бәзимлерде ким көринген болды оның ҳәмдамы,
Мен ҳижран күлбесинде қан жутып, аҳлар шектим.
Ўисалы мәйи умыттырса керек ҳижран азабын –
Өзимди өлместен бурын мәйханаға жеткерейин.
Әй Наўайы, ләби мәйин тапсырса ол шоқ мәйпурыш,
Лалының мәйин татып, есесине жан берейин.
* * *
(Кечди умрум нақди ғафлат бирла нодонлиғда ҳайф)
Кешти өмир ғәплет ишре наданлықта, ўаҳ,
Қалғаны сарп болды пушайманлықта, ўаҳ!
Ҳаўайы ҳәўеслерден тыйып билмедим өзимди,
Ўақтым кетти қуры сүўретти әлпешлеўге, ўаҳ.
Таат-ибадатта өткермегим керек өмиримди
Мен шаўқым-сүренге сарп етип жибердим, ўаҳ.
Әй мусылманлар, билиңлер, болды өмирим ҳасылы
Кәпир нәпсим питнесинен намусылманлықта, ўаҳ.
Ўаҳымнан пайда жоқ, енди өкинген менен қол тартып,
Десем бүгин аҳўалыма бунша ҳайранлықта, ўаҳ.
Пәкизе жасаў керек еди пушайман болмаў ушын,
Пайда болмас қәте ушын пушайманлықтан, ўаҳ.
Ҳәр не айтқан сөзлерим шындур десем – ялған екен,
Шын сөзимди айтаман: өмир өтти ялғанлықта, ўаҳ.
Гәданың тәғдири абзал султанлықтан ақыр есапта,
Гәда кешер ўақтымды султанлықта өткергеним, ўаҳ.
Әй Наўайы, хабарлы бол халқтан, мениң болса
Кешти өмирим ғәплет пенен наданлықта, ўаҳ!
* * *
(Кўргали ҳуснингни зору мубтало бўлдум санга)
Көргели ҳүсниңди, зарыў-мүптала болдым саған,
Не бәлели күн еди – қайдан жақын болдым саған.
Қанша қарар етсем де үзбеге көңилди сеннен –
Әттең-ай, күн-күннен бетер мүптала болдым саған.
Көзиме шөп салма десем – көзимше өзгеге кеттиң,
Ал сен пида бол дедиң – мен пида болдым саған.
Қай периниң зулымынан делбе болғанда не –
Әй перийзат, жисми-жаным таяр қылдым саған.
Әй көңил, туўры жолдың азабында қуўырылма,
Жүз бәле келер болса – мен ҳәм бир бәле болдым саған.
Қуда маған берген болса Хызыр қудығы[6] суўын,
Сақый, мен оны төгип, қарыйдар болдым саған.
Ашықлық – ҳәсирет екен питпес өмириң бойыңа,
Наўайыдай есигиңде матаўсыз қул болдым саған.
ҚЫТАЛАР
Ҳадал кәсип тутсаң – әлем үйинде
Тапқан-тутқаныңның берекети бар.
Биреў маған нан береди дегенлер –
Тәңирине әси болған наданлар.
Мәни билген адамлардың ишинде
Алтын ҳәм гүмисим жоқ деп арланба –
Гәдалық артықдур данышпанларға
Биймәни сүўреттиң шаҳы болғаннан.
Айдарҳа патшадур дүнйа малына –
қәҳәр етип аўзынан от шашады.
Маба билсең айдарҳаның хызметин –
Оның зәҳәрин де жутып жасадың.
Сыр сақла, биреўге айтылған сырың –
Енди ҳеш ўақ ол қупыя болмайды.
Әшкара сыр – сыртқа шығарған демиң,
Ол нәпести қайтып жутып болмайды.
Ғыйбаты сыртыңнан болған дослардан
Алдыңнан оқ атқан бийтаныс артық.
Еки жүзли сатқын бирадарлардан
Басыңды аламан деген жаў артық.
Дүнйа ислеринен хабар берейин,
Үш адамнан үш жаман ис көринер:
Патшаның ғәзеби, байда – бақыллық,
Китап ашқанлардың пулға ҳәўеси.
Патша әдил болса – ели үстинде
Түнлери күндиздей жақты болады.
Патша залым болса – түн зүлметинде
Күндизлери қара думан болады.
РУБАЙЫЛАР
Көз бенен қасың көркем, қабағың көркем,
Жүз бенен сөзиң көркем, додағың көркем,
Ийегиң-меңиң көркем, буғағың көркем,
Айта берсем бастан-аяғың көркем.
Жаннан көп сүйермен, әзийз өмирим,
Бийҳесап сүйермен, әзийз өмирим,
Нешик улығ болса инсанның меҳри –
Оннан көп сүйермен, әзийз өмирим.
Ғәрип шадлы болмас ғайры еллерде –
Жат ел өз елиңдей меҳир бермейди.
Қойсаң қызыл гүлди алтын қәпесте –
Бүлбилге тикендей ләззет бермейди.
Бир гүлдиң дәртинде аҳыў-зар едим,
Әтири көңлимди безер деп едим,
Шақасынан қузғын ушқанын көрип,
Енди оны ийискеўге ар еттим.
Көңлиме жүз мәнет жеткерди ҳижран,
Жаныма дәрт оғын қадады ҳижран,
Жандырды жисмимди пәний отына,
Күйди – күлин көкке суўырды ҳижран.
Дүнйада жоқ және бир бийшара мендей,
Буншелли өз ҳалына сергиздан мендей,
Ғам ишре үйи болған ўайран мендей,
Мал-мүлкинен айрылған гәда мендей.
Зәҳид, саған ҳүр керек, маған жанан керек,
Жәннет саған болсын, маған мәйхана керек,
Мәйхана ишинде сақый ҳәм гүзе керек,
Неше гүзе болса да барлығы толы керек.
Ҳәсәд толы ақыл-ойы жәҳилдиң,
Өз көзинде нурды кем көрсе елден,
Енди бул көзлерди алмастырыўға –
Көзин ояр өзиниң де, елдиң де.
Мәсжидке жол алсам жүзегөйлердей,
Я мәйханаға кетсем риндлер[7] менен –
Мақсуўдым табылса жақсы, ал, табылмаса –
Қай жақларға басымды алып кетермен?!
Айралық сәҳәри ғамға шатты мени,
Ҳижран күни басыма жүз бәле салды мениң,
Ғам түни өлим ҳалына жеткерди мени,
Таң атқанша уйқысызлық өлтирди мени.
Муңлы басыма дастанған тасты не дейин?
Тас үстинде ғәрип басымды не дейин?
Ҳәсирет отында көзде жасымды не дейин?
Өлгеннен мүшкил өмиримди не дейин?
Дүнйа нәпси – барлық қурдымнан қурдым,
Бахыт – бул бәледен қутылған күниң,
Суўсызға бир жутым суў артық жаннан,
Нәкәске бир теңге үстин бәринен.
Ел кимнен жүз бурса – ел жаманы бил,
Қаражоллардың да қаражолы бил,
Пығылы бузық бил улыс ишинде,
Әлем ели жаманының жаманы бил.
Үш пейил адамның жолын беклейди,
Бой берсең – асыңа қаттың зәҳәрди,
Бақыллық ҳәм нәпси – булар екеўи,
менменлик болады буның үшлиги.
Көңлиңди таза тут пәс қылықлардан,
Минезиңди сындыр Қуда жолында,
Ким пейли пес болса – өзине душпан,
Улыс жүз бурады бундай адамнан.
Кимди сынар болсаң – сөзине мәни бер,
Иси-ҳәрекети жөнине мәни бер,
Кеше ол не қылды, кимге не деди –
Бүгин ҳәм сол қылық-қылўасын етер.
Жақсылар сәўбетинде сен де бол жақсы,
Саған жақсыларға сен де бол жақсы,
Шийрин сөзиң менен жаўлап ал елди,
Ким пәкизе болса – сол елге жақсы.
Кимниң аты шықса жумсақ сөзинен –
Душпаны дос болып жанына келер,
Қатты сөз батады елдиң көңлине,
Жыллы сөзге қурбан болар көңиллер.
Билмедим жаманын ҳижран азабы,
Шүкирлик қылмадым ўисал шағлары,
Билгенимде айралық не екенин –
Олла, жаздырмас-ем етегин ярдың.
Дедим: ийегиң-буғағыңнан сүйейин,
Көзиңди, қасыңды, қабағыңды сүйейин,
Гүл жүзиңди ийискеп, додағыңнан сүйейин, –
«Яқ, яқ, болмайды!» – десең, аяғыңды сүйейин.
ТУЙЫҚЛАР
Пәлек маған ҳижран қанжарын тартты бул түн,
Қоймады бир зәрре баўырымды пүтин,
Түн қамап келип бизди бийҳал әйледи,
Не бәлели түн болды, я Рәб, бул түн.
Әй нигар, көзлериңдей көз қәне?
Ҳижраныңда жылаўдан ақты көздиң қаны.
Телмириўден жолыңа, әй баўыры тас,
Интизарыңда ағыпты көз, қәне?
Еситтим, бурымларың саны жүзден өтипти,
Неше түн ҳәм күн көрсем, ол шамадан өтипти,
Егер рейимиң келсе жүз жас көргенге –
Мениң жасым еки жүзден өтипти.
ӘЛИЙШЕР НАЎАЙЫ АФОРИЗМЛЕРИНЕН ҮЛГИЛЕР
Көп сөйлеген – көп жеңиледи,
Көп жеген – көп жығылады.
Сақаўатсыз адам – жамғырсыз бәҳәр.
Кеңпейиллик ҳәм кишипейиллик –
инсанның ата-анасы,
ўапалылық ҳәм уятлылық –
улы-қызы.
Тил бузылса ел бузылады.
Жалған наданның қолындағы қылышы.
Кеўил ғәзийнесиниң қулпы – тил,
тилдиң гилти – сөз.
Шын сөз ҳүрметленеди, жақсы сөз қысқа келеди.
Сабыр етсең – көп ислер өз шешимин табады,
сабырсызлық етсең – аяғың таяды,
аяғы тайған – жығылады.
Аўзына келгенди айтыў – наданлықтың белгиси,
алдына келгенди жеў – ҳайўанлықтың белгиси.
Гәўҳар балшыққа түскени менен баҳасы түспейди.
Ер адамның жарасығы – терең ақылы менен дурыс ислери.
Мәрт – жыртық тонда да мәрт,
сулыў – жамаўлы шапанда да сулыў.
Наданлар барлық миллетте де надан.
Жақсылық қолыңнан келмесе – жаманлық та қылма.
Билмегенин сорап үйренген – алым,
арланып сорамаған – өзине залым.
Адам аз-аздан үйренип дана болар,
тамшы тамшыға қосылып дәрйа болар.
Оттың иси – қуўырыў, желдиң иси – суўырыў.
Айтылар сөзди айт, айтылмас сөзди тилиңе баспа.
Түсиниклер:
Ҳирқа – дәрўишлердиң жупыны шапаны.
Шайх – суўфылар ҳалқасының басшысы.
Мәсиҳ – Қуранда ҳәм ҳәдислерде Ийса пайғамбар усылай аталады. Ол Алланың ықтыяры менен өлилерди тирилтиў, соқырлардың көзин ашыў ҳәм жаманкеселлерди емлеў салаятына ийе, деп түсинилген.
Зәҳид – дүнйа тәшўишлеринен қол үзип, тек Қуда жолында ибадат пенен жасайтуғын диндар. Шәўген (човган) – Ислам Шығысы еллеринде майданда атлы ойнайтуғын ойын. Оның тийкарында ҳәзирги атлы поло ойыны қәлиплескен.
Хызыр қудығы – ислам дининде Хызыр пайғамбар жолаўшылардың пири ҳәм тирилик суўының ийеси саналады.
Ринд – мәйхор.
Сағынбай Ибрагимов аўдармасы ҳәм мағлыўматлары