«Фейсбук» социаллық тармағы арқалы 2017-жылдың орталарында түрк қосықшысы Ферял Башел Тузунның атқарған «Қарақалпақта» қосығы көп санлы қарақалпақстанлы пайдаланыўшылар арасында өзгеше тәсир қалдырды.

Әлбетте, бунда Ферялдың бул қосықты ана тилимизде  шеберлик пенен кәмине келтирип атқарыўы, қосықтың ҳәр қатары арқалы қарақалпақ халқының характерин де ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлери менен жеткере алыўы қосықшының үлкен жетискенлиги болған.

Мине, усы тәреплери менен болса керек, қосық қарақалпақстанлылар арасында патриотлық сезимлерин пайда еткени сөзсиз. Ҳәтте, қосықты тыңлаған кәсиплеслеримиз де «Рахмет саған, Ферял!» («Еркин Қарақалпақстан» газетасы 2017-жыл 3-июнь, 71-саны, авторы: С.Жаниев) атлы мақала жазған еди.

Жақында биз Түркияның «Анадолу» хабар агентлигиниң Өзбекстандағы хабаршысы Бахтыяр Абдукаримовтың  жәрдеми арқалы (буның ушын оған миннетдаршылығымызды билдиремиз) Ферял Башел Тузун менен байланысып, оны сәўбетке тарттық.

­ Ферял ханым, дәслеп қарақалпақ халқының туўылған жерин, миллетин тәрийплейтуғын бул қосықты түрк сахнасында жоқары дәрежеде атқарғаныңыз ушын Сизге терең миннетдармыз. Ферял Башел Тузун ким өзи? Өзиңиз ҳаққында мағлыўмат берип өтсеңиз?

­ Ең дәслеп, сәўбетке тартқаныңыз ушын Сизге миннетдаршылық билдиремен. Мен 1975-жылы Анкара қаласында туўылдым. Дәслепки тәлимди де усы жерде алдым. Анкарадағы Гази университетиниң журналистика факультетин питкердим. Буннан соң Ходжеттепе консерваториясында үш жыл оқыдым. Соның менен бирге, жети жыл даўамында операдан сабақ алдым. 2002-жылы Түркия Мәденият министрлигиниң «Түрк дүньясы» музыка топарына жумысқа кирдим. Усы топардың дүнья жүзи бойлап шөлкемлестирилген фестивалларына қатнасып, концерт берип киятырман.

­ «Фейсбук» социаллық тармағы арқалы қарақалпақстанлы ықласбентлерин көбейткен «Қарақалпақта» қосығын атқарыўыңызға не себеп болды? Бул қосықты қалай таптыңыз?

­ Мен бир қосыққа, мелодияға ашық болып қалсам, жақсылап атқарып шықпағанша тынбайман. «Қарақалпақта» қосығын биринши мәрте Астанада берген концертимде достым Қазақстан халық артисти Эльмира Жаңабергеновадан еситтим. Қосықты тыңлаўдан-ақ, оған ашық болып қалдым. Эльмираның айтқан қосығы жүдә әжайып еди. Қосық ҳәм оның, ҳәм мениң репертуарларымыздан түспейтуғын дөретпелердиң бирине айланды.

­ Кеширерсиз, Ферял ханым. Бул қосықты атқарғаныңыздан кейин халқымыз Сизиң шығысыңызды қарақалпаққа байланыстырып атыр. Тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, қарақалпақ ҳәм түрк халықлары көп әсирлик улыўма тарийх, тил ҳәм дин, уқсас қәдириятлар ҳәм үрп-әдетлери менен тығыз байланысқан. Бәлким, усы себепли ме, Сизге «Түркиядағы қарақалпақ қызы» деп ат қойыўға да үлгерген. Буған не дейсиз?

­ Егер мени қарақалпақ қызы десе мен буған жүдә қуўанышлыман. Демек, халқыңыздың қәлбине кирип бара алған болсам жүдә бахытлыман.

«Қарақалпақта» қосығын Эльмирадан тысқары басқа қарақалпақ қосықшыларының атқарыўында да тыңладым. Оның унап қалғанлығы соншелли, барлық жумысымды жыйнастырып қойып, бул қосықты айтып шығыўға күшли таярландым. Қай жерде болсам да қосықты өзимше ыңылдап айтып жүрдим. Әсиресе, қосықтың ҳәўижге шығатуғын жери аса күшли талантты ҳәм шеберликти талап етеди екен. «Қарақалпақта» қосығы Түркия телевидениесинде эфирге берилгеннен кейин ҳәм «YouTube» интернет тармағына жайластырылғаннан соң, оған билдирилген пикирлерди оқып, ҳайран қалдым ҳәм жүдә қуўандым. Мениң басқа қосықларыма да пикирлер билдириледи, бирақ, олардың ҳеш бири «Қарақалпақта» қосығына билдирилген пикирлердей болып, мени толқындырмаған еди. Сонда өзиме-өзим: «Ферял, сен ашық болған қосық та саған ашық болыпты» дедим. Бул қосықты концертлеримниң дерлик барлығында атқарып киятырман ҳәм ҳәр сапары ол үлкен алғыс ҳәм қол шаппатлаўлар менен қарсы алынады ҳәм тамашагөйлер оны қайта-қайта айтыўды илтимас етеди.

­ Бүгин дүнья жәмийетшилигинде Қарақалпақстан Арал теңизиниң қурып, экологиялық машқалалар жүз берген үлкеге айланды деген түсиник бар. Лекин, Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев Арал теңизи бойындағы халықтың экологиялық машқаласы тек бул жердиң ғана емес, ал, пүткил дүньяның ең үлкен машқаласы екенлигин БМШ Бас Ассамблеясының 72 –сессиясында көрсетип берди. Сондай-ақ, БМШтың Нью-Йорк қаласындағы резиденциясында өткен жылдың 28-ноябрь күни Арал бойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди. Бул фондтың тийкарғы мақсети – Арал бойы регионы машқаласына жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын қаратыў ҳәм регионның раўажланыўы ушын техникалық-қаржы ресурсларын сарплаўдан ибарат.

Ферял ханым, түрк тиллес халықларда «Дүнья халықлары бирлесип жерди тепсе, жер силкинер» деген ибратлы гәп бар. Сиз қалай ойлайсыз, қосық, музыка арқалы Аралға жәрдем бериў мүмкин бе? Сиз атқарған қосықта айтылғанындай, «айдын-айдын көллер»ди қайтара аламыз ба?

­ Мен Түркия Мәденият министрлиги «Түрк дүньясы» топарына ағза болғанымнан берли, бул мәденияттың бир бөлеги болғаным ушын мақтаныш етип жүрдим. Арал теңизи бул бизлердиң улыўма тәшўишимиз. Бул машқаланы шешиўге қолымнан келгенинше жәрдем бериўге таярман. Буның ушын бәринен бурын, усы регионда жасайтуғын бәрше түркий тиллес халықлар биргелесип ҳәрекет етиўи керек деп ойлайман. Арал апатшылығы ақыбетлери менен дүнья халықларын илажы болғанынша көбирек таныстырыў керек. Буның ушын дипломатиялық қарым-қатнаслардан тысқары, көркем өнер тараўында да кең көлемли жумысларды әмелге асырыў лазым. Мен бир нәрсени ҳәр дайым тәкирарлап келгенмен, биз түрли аймақларда жасап атырған бир Ананың перзентлеримиз. Оғада уллы мәденияттың ўәкиллеримиз. Туўысқанлар бир-бириниң бахты менен бахытлы болады, аўыр күнлерин болса, бирге бөлиседи. Яғный, уллы ағартыўшы Исмаил Гаспиринскийдиң айтқанындай, тилде, пикирде, жумыста бирлик болыўы керек.

­ Ферял ханым, Өзбекстанға, соның ишинде Қарақалпақстанға келип бул жердеги ықласбентлериңизге концерт бериў нийетиңиз бар ма?

­ «Түрк дүньясы» топары қурамында Қазақстан, Қырғызстан, Азербайжан, Қырым, Татарстан ҳәм Башқуртстанда болып, концертлер бердим. Лекин, елеге шекем Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға барыў несип етпеди. Қуда қәлесе, баратуғын болсам бул қосықты биргеликте айтамыз. Көптен берли Арал жағалаўларына барып, концерт шөлкемлестириўди ойлап жүрмен. Ойлаўымша, бул жақын күнлерде әмелге асатуғынына исенемен.

­ Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет, Ферял ханым. Алдағы дөретиўшилик жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз. Халқымызға билдирген тилеклериңиз бенен гүрриңимизди жуўмақласақ!

­  Түрк халқының көркем өнер ғайраткери Нешет Эрташ былай деген еди: «Жүректен жүрекке алып баратуғын көринбес бир жол бар». Биз мине, усы жолды аштық. Бир-биримизге жеттик. Қарақалпақ халқына бахыт-ығбал, жарқын келешек тилеймен. Халықларымыздың дослығы буннан былай да беккемлене берсин. Илайым, Нөкисте, Арал жағалаўларында бул қосықты биргеликте атқарыў несип етсин. Қарақалпақ қызы сизлерди жақсы көреди.

 

Руслан АРЗИЕВ,

(«Еркин Қарақалпақстан» газетасы,

17 (20259))