Гидрометеорологиялық хызмет орайы 3-6-февраль күнлери Өзбекстанда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазады Daryo.uz.

Мағлыўматларға қарағанда, көрсетилген ўақытта Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Батыстан ескен самал бағытын өзгертип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы 34-февраль күнлери түнги ўақытларда 0…-7, күндизги ўақытлары +2…+7, 5-6-февраль күнлери түнде -9…-17, күндиз -3…-10 градус суўық болыўы күтиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги