Февраль айында Мойнақ районында «Мойнақ минерал дузы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен йодланған ас дузы, сондай-ақ, қалта ислеп шығарыў цехлары иске түсириледи. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта үскенелерди монтажлаў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, жеке исбилермен Турды Оразбаев тәрепинен райондағы «Үш сай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында монша қурылып, жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги