Мәмлекетимизде пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, сырт елде ўақтынша өз жумысын әмелге асырмақшы болған пуқаралар ушын зәрүр қолайлық жаратылған.

Сурхандәрья ўәлаятлық әдиллик басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген брифинг бул бағдарда әмелге асырылып атырған ҳуқуқый тәртип-қағыйдалардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халыққа түсиндириўге бағышланды.

Илажда соңғы жылларда елимизде халықтың ҳуқықый мәлимлемеге болған зәрүрлигин тәмийинлеў, ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жоқары нәтийжелер берип атырғаны атап өтилди.

Президентимиздиң 2018-жыл 5-марттағы «Өзбекстан Республикасы пуқараларының ўақтынша өз мийнетин әмелге асырыў ушын республикадан сыртқа транспортта шығыў ўақтында қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2018-жыл 5-июльдеги «Өзбекстан Республикасының сыртқы мийнет миграциясы системасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Илажда ўәлаятлық әдиллик басқармасы, Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери бойынша Сурхандәрья ўәлаятының филиалы, «Ипотекабанк» ҳәм «Алоқа банк» ўәлаятлық филиаллары, Термиз халықаралық аэропорты ҳәм Термиз темир жол вокзалының жуўаплы хызметкерлери тараўда жүз берген өзгерислер ҳәм жаңалықлар, жеңилликлер және олардан нызамлы түрде пайдаланыў тәртиби ҳаққыңда мағлыўмат берди.

– Конститутциямызда пуқаралардың еркин жумыс таңлаў ҳуқықы белгилеп қойылған, – дейди ўәлаятлық әдиллик басқармасының жуўаплы хызметкери Д.Шодиев. – Соңғы жылларда мәмлекетимизде өз жумысын  даўам еттириў ушын сырт елге кетип атырған пуқараларға бир қатар жеңилликлер қолланылмақта. Олардың айырымларының жаратылған бул имканиятлардан хабары жоқ болғанлығы себепли машқалаларға дус келип атыр. Бул илаж усындай берилген жеңилликлер ҳаққыңда халыққа кеңнен түсиник бериў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Брифингте атап өтилиўинше, өткен жылы ўәлаятлық әдиллик басқармасы, районлық-қалалық бөлимлерине мийнет қатнасықлары ҳәм мийнет ҳақыға байланыслы 280 мүрәжат келип түскен. Ҳәзирги күнге шекем олардың 220 ға шамаласы өз шешимин тапқан. Ҳәзирги ўақытта Әдиллик министрлиги тәрепинен бул бағдардағы машқалаларды шек сапластырыў ушын мийнет ҳуқықлары бойынша электрон аноним сөраў өткерилмекте.

Ўәлаятта сырт елге шығып, ўақтынша өз жумысын даўам еттирмекши болған пуқаралардың жолдағы қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын Термиз қаласында темир жол ҳәм авиа билетлерди шегирме менен сатыўға қәнигелескен кассалар иске түсирилди. Билет сатып алыўда сырт елге жумыс ислеў ушын кетип атырған ҳәр бир пуқараға жылына бир рет жәрдем пулын бериў енгизилди. Сондай-ақ, Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан жоқары болмаған процентте бир жыллық мүддет пенен 8 мың долларға шекем кредит алыў имканияты жаратылған. Усындай жеңилликлерден пайдаланыў ушын мәмлекетимиздиң сыртында ўақтынша жумыс ислеўге кетип атырған пуқаралар Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги менен шәртнама дүзип, оны усыныўы белгилеп қойылған.

Мағлыўматларға қарағанда, өткен жылы ўәлаятта 76 мыңға шамалас пуқара сырт елге шығып кеткен. Сыртқы мийнет миграциясы мәселери агентлигиниң шәртнамасы тийкарында олардан 7 мыңнан асламы бул жеңилликтен пайдаланып, арзан баҳада авиа ҳәм темир жол билетлерин сатып алған. Сырт елде ўақтынша мийнет етиў тилегин билдирген 22 пуқараның ҳәр бирине «Ипотекабанк» арқалы 8 мың долларға шекем жеңиллетилген кредит қаржысы рәсмийлестирилген. «Алоқабанк» ўәлаятлық филиалында 10 мыңнан зыят пуқараға «визамигрант» картасы ашылған.

Илажда сыртқы мийнет миграциясы мәселелерине байланыслы тәртип-қағыйдалардың мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша алып барылатуғын үгит-нәсият-түсиник жумысларын буннан былай да жақсылаў бойынша пикир алысылды. Қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына қәнигелер жуўап берди.

Холмўмин Маматрайимов, ӨзА