И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Фауна сазасы» атамасындағы көргизбе ашылды.
Көргизбеде музей фондында сақланып атырған өзбек, қарақалпақ ҳәм рус художниклериниң ҳәр қыйлы дәўирлерде дөреткен ҳайўанатлар дүньясына арналған 80 ге шамалас шығармалары қойылды.
Көргизбени өткериўдеги тийкарғы мақсет – музей фондларындағы анималист-художниклердиң дөретиўшилигинде сәўлеленген ҳайўанатлар дүньясы менен жасларды кеңнен таныстырыў, олардың үйрениўге деген қызығыўшылығын арттырыў, ҳайўанатларға ғамхорлық етиў, олар менен жақсы қатнаста болыўға тәрбиялаўдан ибарат.
«Анимализм»-сөзиниң келип шығыў тарийхына тоқталатуғын болсақ, бул термин латын тилинен алынған болып, «ҳайўанат», «жабайы аң» деген мәниcти билдиреди. Әййемги дәўирлерден баслап-ақ алғашқы адамлар ҳайўанлардың көринислерин тасларға, дийўалларға салған. Мысалы, бүгинги экспозицияда б.э.ш. II – мың жыллыққа тийисли Қызылқум саҳрасындағы Буқантаўдан табылған амфиболит тасы бөлегинде түйе сүўретленген.
Көргизбеге жыйналғанлар өзбек, рус художниклери М.К. Соколов, Н.М.Григорьев, А.И. Порет, А.Н.Волков, З. М. Ковалевскаялар менен бирге қарақалпақ қылқәлем ийелери У.Сапаров, А.Утегенов, И.Алибековлардың дөретпелери менен де жақыннан танысты.
Анимализм жанры живопись, графика ҳәм мүсиншилик пенен бир қатарда декоративлик ҳәм халық қол өнеринде де қолланылады. Буны П.Кожин, О.Малышева, С. Л.Островская, А. Сотников, Д.Төрениязовлардың дөретиўшилик жумысларында көриўимизге болады.
Көргизбеге жыйналғанлар художниклердиң шығармаларын тамашалап кеўилли дем алды.
Көргизбе бир ай даўам етеди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы