Нөкисте ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
Фестиваль Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси және «Камалак» балалар шөлкеми ҳәм бир қатар министрликлер менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, оған Нөкис қаласы ҳәм районлық басқышларында жәми 8 мыңнан аслам жас талант ийелери қатнасып, соннан 630 қәбилетли 6 жастан 14 жасқа шекемги оқыўшылар республикалық басқышқа жетип келди.
Олар 7 бағдарда «А»-классикалық бағдар, «В»-вокал, миллий ҳәм академиялық атқарыўшылық, «С»-халық сазлары, «Д»-миллий ҳәм заманагөй аяқ ойын, «Е»-сүўретлеў ҳәм әмелий өнер, «F»-проза ҳәм поэзия, «G»-работотехника бағдарлары бойынша өз талантларын көрсетти.
Фестиваль жуўмағында «А» бағдары бойынша С.Жақсымуратова, Д.Реймова, Г.Мухаммеддинова, А.Қульназаров «В» бағдары бойынша М.Қыдырбергенов, С.Тәўекелов, Д.Исакова, З.Махсудова, Н.Абдуллаева, «С» бағдары бойынша Н.Бийсенов, И.Абдуллаева, С.Кеңесбаев, Ж.Ермеков, «Д» бағдары бойынша Хожели районлық 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Гүлпәрий» топары, Д.Абатбаева, Нөкис қаласындағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Жайна» топары, «Е» бағдары бойынша Н.Ембергенов, А.Төреханов, Н.Қутлыбаева, «F» бағдары бойынша М.Нурумбетова, Т.Жиянбаева, Н.Рзабекова, «G» бағдары бойынша Б.Барлықбаевлар жеңимпаз деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы