Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 31-октябрь күни дене тәрбиясы ҳәм спорт саласында басқарыў системасын жетилистириў, ғалабалық спортты раўажландырыў, талантлы спортшыларды таңлап алыў ҳәм тәрбиялаў, саланы маман кадрлар менен беккемлеў және заманагөй спорт объектлерин қурыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.
Онда Өзбекистан Республикасы Бас министри, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи, тийисли министрликлер менен комитетлердиң басшылары қатнасты.
Елимизде дене тәрбиясын ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў социаллық сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиленген. Себеби, спорт хадықтың денсаўлығын беккемлеў, жас әўладты саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў арқалы жәмийетте саламат турмыс тәризин жетилистиреди. Ҳәр қыйлы кеселликлердиң, жаслар арасындағы зыянлы иллетлердиң алдын алады. Спорт жоқары мәденият, ўатанды сүйиўшилик сезимлерин жетилистириўде де әҳмийетли орын ийелейди. Бул салада ерисилген табыслар елимизди дүньяға танытады, барлық ўатанласларымызға мақтаныш бағышлайды.
Ғәрезсизлик жылларында бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Қалалар менен аўылларда заманагөй спорт комплекслери қурылды. «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада жарыслары жасларды ғалабалық спортқа, саламат турмыс тәризине тартыў қуралына айланды.
Талантлы балаларды таңлап алыў ҳәм профессионал спортшыларды таярлаў бойынша избе-из система жаратылды. Улыўма билим бериў мектеплериндеги ҳәм балалар спорт комплекслериндеги шынығыўларда таланты менен көзге тасланған ул-қызлар, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине, спорт колледжлерине алынып, профессионал көз-қарас тийкарында тәрбияланбақта. Жоқары оқыў орынларында ҳәм оқыў-жыйын шынығыўларында шеберлигин арттырмақта.
Соның нәтийжесинде елимиз спортшылары дүньяның абыройлы жарысларында жоқары жеңислерди қолға киргизип, халқымыздың потенциалын пүткил дүньяға танытпақта. Атап айтқанда, спортшыларымыз 2016-жылы Бразилияда болып өткен Олимпиада ойынларында 13, Паралимпия ойынларында 31 медальға ийе болып, елимиздиң спорт тарийхында ең жоқары нәтийжелерге еристи.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 15-февральдағы «Мәденият ҳәм спорт саласында басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы елимизде спортты раўажландырыўда жаңа дәўирди баслап берди. Пәрманға муўапық Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилди. Халықтың кең қатламын спорт пенен шуғылланыўға тартыў, физикалық жақтан саламат әўладты тәрбиялаў, спорт индустриясын ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў, қалалар менен районларда ғалабалық спорт илажларын ҳәм жарыслар өткериў, Миллий олимпиада комитети, спорт түрлери бойынша федерациялар ҳәм ассоциациялар менен биргеликте талантлы спортшыларды таңлап алыў, таярлаў ҳәм шеберлигин арттырыў, кадрлар таярлаў, салаға заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық байланысларды кеңейтиў оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.
Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги структурасындағы Өзбекистан Балалар спортын раўажландырыў қорының атқарыўшы аппараты, 300 ге шамалас спорт билимлендириў мәкемеси Мәмлекетлик комитеттиң қарамағына өткерилди.
Дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бағдарында жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў, талқылаў, саладағы жумысларды жетилистириўге байланыслы усыныслар ислеп шығыў мақсетинде Дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў кеңеси шөлкемлестирилди.
Аймақлық басқарыў уйымларының қурамында 201 район (қала)да дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша ўәкиллердиң жумысы жолға қойылды. Бул орынларда салаға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың, пәрманлар менен қарарлардың орынланыўын толық тәмийинлеў, спортты төменги буўынлардан раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелемекте.
Буннан тысқары быйылғы жылы салаға байланыслы және 20 дан аслам ҳүжжет – Президентимиздиң бийликлери менен қарарлары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары қабыл етилди. Бул да мәмлекетимиздиң дене тәрбиясы ҳәм спорт саласын раўажландырыўға итибарынан дәрек береди.
Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде салада сапа өзгерислери сезилди. Усы жылдың өткен дәўиринде жергиликли ҳәм спорт жарысларында спортшыларымыз тәрепинен 483 алтын, 394 гүмис, 536 қола, жәми 1 мың 413 медаль қолға киргизилди.
Елимизде халықаралық көлемдеги жарыслар табыслы өткерилди. Май айында Ташкентте болып өткен бокс бойынша Азия чемпионатында спортшыларымыз он салмақ категориясының тоғызында алтын медальға ийе болды.
Мәжилисте спорт саласы ушын маман кадрлар ҳәм тренерлер таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетиимз басшысы тәрепинен дене тәрбиясы ҳәм спорт саласында кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар бойынша белгили бир жумыслар орынланды. Бул бағдарда тийкарғы билим орайы болған Өзбекистан мәмлекетлик дене тәрбиясы институты Шыршық қаласына көширилди. Нәтийжеде институт маман спортшылар менен тренерлерди оқытыў ҳәм таярлаў ушын зәрүр инфраструктураға ийе болды, заманагөй спорт киши қалашасын қурыў имканияты жаратылды. Сондай-ақ, институтта 2017/2018-оқыў жылынан баслап сыртқы билим алыў жолға қойылды.
Өзбекистан мәмлекетлик дене тәрбиясы институтының жанында Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў орайы шөлкемлестирилди. Орайда ҳәзирги күнге шекем 800 ден аслам хызметкер маманлығын арттырды.
Мәжилисте институттың жумысын буннан былай да жетилистириў, оқыў процесине жаңа инновациялық технологияларды енгизиў, илимий излениўлер ушын арнаўлы лабораториялар шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Дене тәрбиясы институтын заманагөй спорт билимлендириў мәкемесине айландырыў, оқыў бағдарламаларын заманагөй илим жетискенликлери тийкарында шөлкемлестириў бойынша 2018-2020-жылларға мөлшерленген бағдарлама дүзиў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекистан Республикасы Порезидентиниң усы жыл 3-июньдеги «Дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары саладағы және бир әҳмийетли ҳүжжет болды. Усы қарар менен Өзбекистан Республикасында дене тәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди. Бағдарламада 2017-2021-жылларда дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў ушын 995,2 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалыўы, спорт мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 167 спорт объекти, соның ишинде, 90 спорт комплекси ҳәм 77 жүзиў бассейнин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў, үскенелеў ҳәм қайта үскенелеў нәзерде тутылған.
Бағдарлама шеңберинде быйылғы жылы 153 балалар майданшасы оңланған, 232 заманагөй майданша, Нөкис қаласында спорттың олимпиада ҳәм миллий түрлерине қәнигелестирилген спорт комплекси пайдаланыўға тапсырылған.
Мәжилисте бул бағдарда жол қойылған кемшииликлер де көрсетип өтилди. Атап айтқанда, Балалар спортын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан 39 спорт объектин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары кестеден изде қалғаны, жүзиў бассейнлерин заманагөй инвентарлар менен тәмийинлеў кешиктирилгени сынға алынды. Бул кемшиликлерди сапластырыў, жылдың ақырына шекем қурылыс жумысларын жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди. Спорт комплекслеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, жасларды оларға және де кеңнен тартыў зәрүрлиги атап өтилди. Спорт мектеплери, республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплери ҳәм спорт федерацияларының талантлы жасларды излеп табыў бағдарындағы бирге ислесиўи, селекция жумысларының талап дәрежесинде жолға қойылмағаны сынға алынды. Бул бағдарда анық ашық-айдын механизм жаратыў ҳәм барлық аймақларды қамтып алыў бойынша көрсетпелер берилди.
Елимиз спортшыларын абыройлы халықаралық жарысларға, соның ишинде, болажақ Олимпиада ҳәм паралимпия ойынларына пуқта таярлаў мәселелери де додаланды.
Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 9-марттағы Өзбекистан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI паралимпия ойынларына таярлаўға байланыслы қарарының орынланыўы шеңберинде Өзбекистан Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Миллий олимпиада комитети ҳәм спорт шөлкемлери менен биргеликте талантлы спортшыларды таңлап алыў ҳәм сайланды топарларды жетилистириў, спортшылардың жергиликли ҳәм шет ел оқыў-шынығыў жыйынларын шөлкемлестириў, олардың абыройлы жарыслардағы мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәжилисте халықаралық жарысларда қолға киргизилип атырған медальлар тек ғана бокс, дзюдо, аўыр атлетика ҳәм спорт гүреслери менен шекленип атырғаны сынға алынды. Гимнастика, трамполин, жеңил атлетика, таэквондо, байдарка ҳәм каноэда ескек есиў, велоспорт сыяқлы басқа да потенциаллы спорт түрлери бойынша көбирек табысларға ерисиў бойынша анық илажлар белгилеп берилди. Халықаралық спорт федерациялары менен бирге ислесиўди беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиздиң усы жыл 10-августтағы «Абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларын жәмийетлик ҳәм спорт жумысларына кеңнен тартыў және спортшыларды ҳәм олардың тренерлерин хошаметлеў ҳаққында»ғы қарарында спортымыз жулдызлары ҳәм оларды тәрбиялаған тренерлердиң машақатлы мийнетлерин мүнәсип сыйлықлаў, олардың тәжирийбеси менен потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, жоқары ҳәм орта мағлыўмат алыўы ҳәм денсаўлығын тикелеўине ғамқорлық исленгени итибарға ылайық. Бул ҳүжжет Өзбекистанда спортшылар менен тренерлерди материаллық жақтан хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў, олардың халықаралық абыройлы жарысларда табыслы қатнасатуғын спортшылардың резервин таярлаўда мүнәсип үлес қосыўына имканият жаратады.
Мәжилисте Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети жумысының төменги буўынларының жумысын күшейтиў, халықтың барлық қатламларын спорт пенен шуғылланыўға тартыў, салада жеке секторды раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге итибар қаратылды.
Тийисли комитетлер менен жуўапкер адамларға алдағы ўазыйпалар белгилеп берилди.
ӨзА