Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбеккино миллий агентлиги «Ўатан» студиясының дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен сүўретке алынған «Ҳаёт» фильминиң премьерасы болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң басқарма баслығы Х.Халилов, сценарий авторларынан бири ҳәм режиссёры Ҳилол Насимов шығып сөйлеп, бул фильмниң жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, терроризм сыяқлы жат иллетлерге қарсы гүресиў, елимиздиң тынышлығын сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы ийгиликли ислерге жәмлестириўдеги әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Ўатанды қорғаў, оны көздиң қарашығындай сақлаў ҳәр биримиздиң перзентлик парызымыз болып табылады. Бул жолда қаҳарманлықтың үлгисин көрсеткен, туўылған ели ушын жанын пидә еткен әскерлеримиздиң өмир жолы бәршемизге үлги болады.
Бул фильмде тийкарынан 2000-жылы Сурхандәря ўәлаятының Сариосиё ҳәм Узун районлары арқалы шегараларымызды бузып өтпекши болған, тис-тырнағына шекем қуралланған, жасырын әскерий лагерлерде таярлықтан өткен, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын бузбақшы болған террористлик топар ағзаларына қарсы гүресиўде қаҳарманларша қаза тапқан әскерий хызметкерлердиң мәртлик хызметлери сөз етиледи. Бас қаҳарман сержант Ҳаётжон бирге әскерий хызметин атқарып атырған досларын үйлениў тойына мирәт етиў ушын Ферғанадан Ташкент қаласына барады. Сол ўақытта елимиз шегараларындағы айрықша жағдайды еситип, дем алыста болыўына қарамастан дослары менен террористлерге қарсы урысқа атланады. Бас роллерди Фотих Насимов, Айсәнем Юсупова, Тохир Саидов, Лола Элтаева, Фархад Абдуллаев, Мехриддин Рахматов, Самиддин Лутфуллаев ҳәм басқалар шеберлик пенен атқарған.
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлигин орынлаў бойынша қабыл етилген әмелий илажларда жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда бузғыншы идеяларға ҳәм экстремистлик ағымларға қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде әскерий-патриотлық темадағы усындай фильмлерди көрсетиў нәзерде тутылған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы Р.Ешимбетов.-Соның ишинде премьерасы өткерилип атырған «Ҳаёт» фильмин республикамыздың барлық районларында көрсетиў режелестирилген. Буннан тысқары, жәмлеспеген ҳәм тәрбиясы аўыр болған жаслардың, профилактикалық есапта туратуғын шахслардың, тынышсыз шаңарақлардың перзентлериниң қатнасында әскерий бөлимлерде «Ашық есиклер күни», «Армияда бир күним», жазаны өтеў орынларына саяхат, концерт бағдарламалары ҳәм басқа да илажларды өткериў нәзерде тутылған. Бундағы мақсет, республикамыз аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиўде жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллерин, халқымызды, соның ишинде жасларымызды бирлестириў болып табылады.
-Бул фильм биз жасларда айрықша тәсир қалдырды,-дейди Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Н.Үббиниязов.-Бул кинокартина ҳәр бир жасты келешекте Ўатан қорғаўшысы болыўға, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын бузыўға ҳәрекет ететуғын террористлик күшлерге қарсы гүресиўге, ҳәр дайым сергек болыўға шақырады.
Илаж соңында қатнасыўшылар фильм ҳаққында пикирлерин билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д. АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.