23-январь күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында «Гүмис қыс» атамасында көргизбе ашылды.
Онда жәми 12 автордың 30 дан аслам картиналары орын алған болып, устаз художниклер менен бир қатарда жас талант ийелериниң де бир қатар дөретпелери қойылған.
Картиналарда үлкемиздеги қыс мәўсиминиң өзине тән өзгешелиги, тәбияттың таң қаларлық әжайып қубылыслары өз сәўлелениўин тапқан.
Көргизбеде Өзбекстан Көркем өнер академиясының ағзасы, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосиновтың «Қысқы көл», Өзбекстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, Қарақалпақстан халық художниги Ж.Лепесовтың «Қарлы қыябан», «Қарлы күн», «Қарлы жол», «Қарлы қала», художниклерден М.Жаримбетовтың «Январь ақшамы», С.Қутлымуратовтың «Қыс. Ойпатлықтағы жол», «Қыс», жас талант ийелеринен Б.Серекеевтиң «Этюд», Р.Баймурзаевтың «Қар», «Қарлы күн», А.Джақсыбаевтың «Қыс кеши» картиналары жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырмақта.
Көргизбе бир ай даўам етеди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы