Өмирбай Өтеўлиев,
жазыўшы, журналист

БҮРКИТЛЕРДИҢ ТАРПЫЎЫНА УШЫРАҒАН САМОЛЁТ
– Бизлер де бир өлимнен қалдық, қудай сақлады, – деп қоңыратлы Оралбай ағаға Амандәўлеттиң ўақыясын айтсам, соған үнлес әңгиме менен жол қысқартты.
– Бизиң жақлардағы дала бүркитлери тыныш еди. Таўлы үлкелерде кишигирим самолётларға жийи-жийи ҳүжим жасайтуғыны орайлық баспасөзлерде жазылып, ҳүжжетли фильмлерден көрип жүрмиз-ғой…
Үстиртте терең бураўлаў жумысларын алып баратуғын экспедицияда жигирма жылға жуўық шофёр болдым. Ең түпкирдеги қазылып атырған скважина-қудыққа труба апаратырғанымда машыным бузылып, аўысық бөлеклери ушын Қоңыратқа «АН-2» самолётында төрт жолаўшы уштық. «Судочье»ның төбесинен қарасаң, көл бетиндеги қанатларын жайған қуслар сулыў көринеди. Бир мәҳәл, саған өтирик, өзиме рас, самолётымыз аўдар-теңкер болып, диң аспанда қайыстай таўланды. Бир-биримизге дүгисиў менен ишип-жегенлеримизди қайтарысып, не болғанын билмедик. Тиришилигимизден гүдер үзбеге қарағанда самолёт өзин дүзеп, ийнимизди қыймылдатпай Қоңыратқа түсирди.
– Аңладыңызлар ма, самолётқа бүркитлер ҳүжим жасады. Қашпасақ аўҳалымыз қоржын еди. Өзлерин отқа урған көзсиз гүбелеклердей алдындағы ҳаўаны ишине тартып ҳәм сыртқа үрлейтуғын паригине илинсе истен шығарып, жерге қулап түсемиз, – деп қапылтты.
Даланлықта, айсыз түнлерде машынлы жүрсең фараларына көзлери бир қамасқан кийик, басқа да жабайы аңлар изиңнен қалмай, әжелине асыққанлары алдыңды қайта-қайта кесип өте береди…