Президентимиздиң басламасы менен қыйын экологиялық шараятта жасап атырған Мойнақ районы халқының турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген жағдайды жумсартыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бәршемизге белгили, қыстың бүгингидей қубылмалы күнлерине қарамастан теңиздиң қурыған ултанында сексеўил егиў жумыслары улыўмахалықлық атланысқа айланған.
Ол жерде республикамыз районларынан ҳәмде ўәлаятлардан келген жумысшылардың кеўилли дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Оған Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Тәжикстан халық артисти Шерали Жураев, Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстан халық артисти Артық Атажанов және «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, эстрада қосықшысы Феруза Жуманиёзовалар қатнасты. Концерт бағдарламасынан жумысшылар кеўилли дем алды.
Сондай-ақ, усы күни Мойнақтағы 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде көркем өнер шеберлери оқыўшыларға шеберлик сабағын өтти.
Олар тәрепинен атқарылған қосықлар кешеге өзгеше пайыз бағышлады. Оқыўшылар биргеликте ойынға түсип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Район аймағында өткерилип атырған бундай мәдений илажлар елимиздиң барлық ўәлаятларынан келген жумысшылардың кеўил-кейпиятын көтерип, оларды жаңа табысларға руўхландырары сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги