Усы жыл 18-январьдан 18-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласындағы Өзбекстан сүўретлеў өнери галереясында «Заман ҳәм мәкан бойлап авангард» атамасында өткерилетуғын көргизбеге пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи топламынан сайлап алынған 126 шығарма қойылады.
Көргизбеге қойылған ҳәр бир шығарма әпсаналық, анық бир тарийхый дәўирдиң мәдений көринисин сәўлелендиреди.
Көргизбеде рус ҳәм өзбек авангардларының шығармалары орын алған болып, ол ХХ әсир көркем өнериниң еле толық үйренилмеген феноменлери есапланады.
Көргизбениң ашылыў мәресими бүгин саат 17:00 де болып өтеди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы