Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысында қатнасыў ушын 8-июнь күни Астана қаласына жөнеп кетти.
Алдын хабар бергенимиздей, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары шөлкемниң ҳәзирги жағдайы ҳәм келешектеги раўажланыў перспективаларын талқылаўы, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли машқалалары бойынша пикир алмасыўы күтилмекте.
ШБШның Ташкент саммити қарарларын әмелге асырыў шеңберинде Астана қаласында Ҳиндстан ҳәм Пәкистанды шөлкем ағзалығына қабыллаў процеси ақырына жеткериледи
Президентимиз Астана қаласында EXPO – 2017 қәнигелестирилген халықаралық көргизбениң рәсмий ашылыў мәресиминде де қатнасады, бирқатар шет еллик делегациялар басшылары менен ушырасыўлар өткереди.
ӨзА