Орайлық банктиң баспасөз хызмети хабарына қарағанда, жаңадан ири номиналдағы купюраны айланысқа енгизиў жобаластырылмақта, бирақ оның неше сумлық болыўы орнатылмаған. Бул ҳаққында Орайлық банктиң баспасөз хызмети «Daryo.uz»ға мәлим еткен.

Мәлим болыўынша, жаңа банкноталардың шығарылыўы бойынша техникалық таярлық басланған. Бирақ, банкнота айланысқа шығыўы бойынша анық сәне белгиленбеген.

Буннан алдын, бир неше сырт елли интернет-басылымлар «исенимли ҳәм ўәкилликли дәреклерге тийкарланып» Өзбекстан Орайлық банки жақын ўақыт ишинде 100 мың сумлық жаңа банкноталарды айланысқа шығарыўы ҳаққында хабар тарқатты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги