Алдын хабар еткенимиздей, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўинде республикамызда еки күн даўамында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы болып өтти.

Илаждың екинши күни  Мойнақ районында даўам етти. Райондағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы болып өтти.

Әжайып көриниске ийе «Көк суў» көли бойы ҳақыйқый байрамға айланды. Илаж қатнасыўшылары шебер аспазлар тәрепинен таярланған балық тағамларының, миллий өнерментшилик, қол мийнети үлгилериниң көргизбелери менен танысты. Катерлерде саяхат етип, көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасын тамаша етти.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген таңлаўға Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм Хорезм ўәлаяты жәмийетлик аўқатланыў кәрханаларынан 70 тен аслам аспаз, кәсип-өнер колледжлеринде аспазлық бағдары бойынша билим алып атырған оқыўшы жаслар, үй бийкелери өзлериниң балықтан таярланған 112 түрли тағамы менен қатнасты.

Байрам тамашаларына елимиздиң көплеген жерлеринен мийманлар, шет еллерден туристлер қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Фото М.Хабибуллаевтики