Ўзбекистон Президентининг Туркияга давлат ташрифи самарали бўлди

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдуғонның мирәт етиўине бола 2017-жыл 25-26-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Түркияда болды.

Мәмлекет басшыларының сөйлесиўлери 25-октябрь күни Анкара қаласында болып өтти. Өзбекистан менен Түркия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, туризм, транспорт, логистика, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Президентлер еки елдиң бирге ислесиўин жаңа, стратегиялық басқышқа көтериўге имканият жарататуғын Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Сондай-ақ, экономика, саўда-сатық, санаат, банк-қаржы, инвестиция, туризм, транспорт-логистика, денсаўлықты сақлаў, кадрлар таярлаў, қорғаныў ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы 20 дан аслам ҳүжжет қабыл етилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдуғон сөйлесиўлердиң нәтийжели болғанын, ерисилген келисимлердиң бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтеретуғынын атап өтти.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни Түркия Уллы миллет мәжилисинде болды.

Уллы миллет мәжилиси Түркия Республикасының жоқарғы нызам шығарыўшы уйымы болып табылады. Оған 1920-жыл 23-апрель күни тийкар салынған. Бүгинги күнде төрт партия Мәжилисте өз фракциясына ийе.

Президент Шавкат Мирзиёев Түркия Уллы миллет мәжилисиниң Спикери Исмоил Қаҳраман менен ушырасты.

Өзбекистан ҳәм Түркия Президентлериниң сөйлесиўлеринде парламентлераралық бирге ислесиўди сапарлар алмасыўын ҳәм қоспа илажлар өткериў арқалы қоллап-қуўатлаў зәрүр екени атап өтилген еди. Түркия парламентиндеги сөйлесиўде усы бағдардағы байланысларды беккемлеў, парламент жумысы ҳәм парламентлик қадағалаў түрлери бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелерине итибар қаратылды.

Уллы миллет мәжилисиниң Спикери Өзбекистанда демократияны беккемлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста парламенттиң ролин арттырыў бағдарындағы реформаларды жоқары баҳалады.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси менен Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилиси арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

Президентимиз Уллы миллет мәжилисиниң жумысы менен танысты.

Шавкат Мирзиёев күнниң екинши ярымында Стамбул қаласында болды.

Мәмлекетемиз басшысы Түркия Республикасы Бас министри Бинали Йилдиримды қабыл етти.

Ушырасыўда Анкарада болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы қалыс баҳаланып, оны раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынғаны атап өтилди. Еллеримиз арасында саўда, санаат, банк-қаржы, инвестиция, туризм, жүк тасыў, денсаўлықты сақлаў, кадрлар таярлаў, қорғаныў ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўге байланыслы көплеген ҳүжжетлерге қол қойылғаны жоқары баҳаланды.

Сөйлесиўде усы келисимлерди әмелге асырыў, еки елдиң министрликлери менен ведомстволары арасындағы байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларына итибар қаратылды. Тәреплерди қызықтырған мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Туркия Республикасы Бас министри Бинали Йилдиримның қатнасыўында еки елдиң қаржы ҳәм исбилермен топарларының ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң нәтийжесинде Өзбекистан ҳәм Туркия арасында қол қойылған ҳүжжетлердиң үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Сондай-ақ, 26-октябрь күни Стамбулда өткерилген еки ел исбилермен топарларының бизнес форумында ири энергетика объектлерин ҳәм жол инфраструктураларын қурыў, тоқымашылық өнимлерин, электр үскенелерин, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат ҳәм агросанаат тармағында заманагөй санаат ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў салаларында 3,5 миллиард доллар көлеминдеги 30 дан аслам жойбар бойынша келисимлерге қол қойылғаны атап өтилди.

Президентимиз жақын жылларда Өзбекистан менен Түркия арасындағы товар алмасыўдың көлемин 3-4 миллиард долларға жеткериў бойынша келисимге ерисилгенин, бул еки елдиң исбилерменлери ушын кең имканият жарататуғынын атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Түркия компаниялары басшыларының Өзбекистанда бизнес жүргизиў бағдарындағы пикирлери менен қызықсынды.

Түркиялы исбилерменлер Президентимиздиң басшылығында Өзбекистанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалады. Валюта базарының еркинлиестирилгени, виза алыў тәртибиниң әпиўайыластырылғаны өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ушын қолайлықлар жаратқаны атап өтилди.

Инвесторлар ҳәм ири компаниялар менен тиккелей байланысларға қолайлы шараятлар жаратылып атырғаны, елимизде Түркия бизнес орайының шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.

Ашық-айдын ҳәм әмелий руўхта болып өткен сөйлесиўде Өзбекистан менен Түркияның қаржы шөлкемлери, фирмалары менен компаниялары арасында байланысларды буннан былай да раўажландырыў, өз-ара өним жеткерип бериўди ҳәм хызмет көрсетиўди кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды, тәреплерди қызықтырған анық жойбарлар додаланды.

Ушырасыўда еки ел компанияларының арасында бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиў бағдарламасы шеңберинде Стамбул қаласындағы белгили Топкапи сарайын барып көрди. XV әсирде қурылған ҳәм соңғылығында музейге айландырылған усы сарайдың тарийхы, бул жердеги әййемги экспонатлар менен танысты.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды. Сапар етиў даўамындағы ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер Өзбекистан менен Түркия арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли перспективаларын белгилеп берди. Қол қойылған ҳүжжетлер ҳәм ерисилген келисимлер еки мәмлекеттиң қатнасықларын ҳәм туўысқан халықлардың дослығын ҳәр тәреплеме беккемлеўге хызмет етеди.

Анвар САМАДОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Анкара-Стамбул-Ташкент