« Euronews»тиң БМШ мағлыўматларына тийкарланып мәлим етиўинше, өткен 2018-жылы Европаға Жер орта теңизи арқалы ең көп Гвинея, Марокаш ҳәм Малиден эмигрантлар кирип келген. Дизимде Сирия төртинши, Аўғанстан бесинши ҳәм Ирак алтыншы орынларды ийелеген.

Атап өтилиўинше, Жер орта теңизи арқалы Европаға өтиўге ҳәрекет еткен 2 мың 260 мигрант қайтыс болған. БМШтың қашақлар бойынша агентлигине бола, өткен 2018-жыл 2017-жылға салыстырғанда өлим жағдайлары азлаў көрсетилген. Бирақ, солай болса-да, быйыл елеге шекем ең қәўиплиси болып қалмақта.

2018-жылы Жер орта теңизи арқалы Европаға улыўма есапта 113 мың 482 эмигрант кирип келген. Ең көп мигрант ҳәм қашақ Испанияда (55 мың 756) атап көрсетилген. Жаңа 2019-жылдың дәслепки күнлеринде болса Испания жағасын қорғаў хызмети 400 ден аслам эмигрантты анықлаған.

 

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА