Өзбекистан Республикасы Президентиниӊ 2017-жыл 28-февральдағы ПҚ-2803-санлы «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы 2017-2018 жыллар даўамында экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Төменде Сиз усы қарардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар менен танысыўыңыз мүмкин:

1. «Устюртгаз» ЖШЖниӊ «Мойнак оргтехника ремонт сервис» кәрханасы тәрепинен 150 млн. сум жеңиллетилген кредит есабынан «Оргтехника хызметин шөлкемлестириў» жойбары иске түсип, онда 10 жаңа жумыс орны жаратылды.

2. «АХЗ Байрон» кәрханасы өз есабынан 1 млрд 200 млн сумлык «Суйылтылған газ қуйыў шақапшасын шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырды, нәтийжеде 7 жаңа жумыс орны жаратылды.

3. Жеке исбилермен Қалилаев Азат 80 млн сумлык (өз есабынан 10 млн сум, кредит есабынан 70 млн сум) «Музқаймак ислеп шығарыў» жойбарын иске қосып, 3 адамды жумыс пенен тәмийинледи.

4. «Мойнак сервис» ЖШЖ тәрепинен жәми баҳасы 500 млн сумлық (соннан өз есабынан 150 млн сум, кредит есабынан 350 млн сум) «Ески кинотеатр имаратын қайта оңлап, 3D синема орайын шөлкемлестириў» жойбары, сондай-ақ тойхана жойбары әмелге асырылып, жаӊадан 10 жумыс орны жаратылды.

5. «Мойнак тур» ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 600 млн сумлық (соннан өз есабынан 100 млн сум, кредит есабынан 500 млн сум) «Туристлик хызметин шөлкемлестириў» жойбары әмелге асырылып, 10 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги