Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси  ҳәм университеттиң химия технология факультети менен биргеликте «Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзиниң мазмун-мәнисин жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға байланыслы ўазыйпалар» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқытыўшылары, студентлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың  шығып сөйлеген сөзинде  Өзбекистандағы демократиялық процесслер, инсан ҳуқықлары, жаслар мәселеси, диний кеңпейиллик, халықаралық қәўипсизлик, экология ҳәм басқа да тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар өз сәўлелениўин тапқанлығы айрықша атап өтилди.

Илаж қатнасыўшыларынан бири Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов өз сөзинде Президентимиз Шавкат Мирзиеёвтың 193 мәмлекеттен ибарат шөлкемге қатнасып, мәмлекетимизде бир жыл даўамында исленип атырған жумысларды 19 минут ишинде анық ҳәм түсиникли етип жеткерип бергенлигин мақтаныш пенен тилге алды.

Илажда сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты М.Қурбанов, ҚМУ Ҳуқықтаныў кафедрасы оқытыўшысы Д.Сапаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң айтқан пикирлерин қоллап-қуўатлап,өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.Илаж соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға  жуўап алды.

Нурсулыў НУРБЕКОВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти