Усы жылы 10-16-декабрь күнлери аралығында гандбол бойынша Ташкент қаласында 2005-2006-жыллары туўылғанлар арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында Қарақалпақстан қызлар сайланды командасы биринши, ер балалар командасы үшинши орында ийелеп қайтты.
Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшыларынан ибарат қызлар командасы өз топарында дәслеп Ферғана ўәлаяты командасын 22:16, Ташкент қаласы командасын 21:20, Әндижан ўәлаяты командасын 22:17, соң Наманган ўәлаяты командасын 23:22, шешиўши ойында Хорезм ўәлаяты командасын 22:18 есабында утып, Өзбекстан чемпионы болды. Командамыздың ойыншыларынан Сәрбиназ Сапарбаева, Жарқынай Төребаевалар ҳәм басқалар өзлериниң шырайлы ойынлары менен жеңиске мүнәсип үлесин қосты.
Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, Нөкис қәнигелестирилген Олимпиа резервлери мектеп-интернаты, Шымбай ҳәм Қанлыкөл районлары балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшыларынан ибарат ер балалар командасы да өз топарында биринши орынды ийеледи. Финаллық басқышта Ташкент қаласы, Сырдәрья ўәлаяты командаларына жеңилиске ушыраған болса, Наманган ўәлаяты командасы үстинен жеңиске ерисип, үшинши орынды ийеледи.
Споршыларды жарысқа тренерлер А.Халмуратов, М.Султамуратов, Т.Худайбергенов, Б.Пирниязов ҳәм А.Шарапов таярлады.
Өткен дүйшемби күни Нөкис темир жол вокзалында споршылар күтип алынды. Илажда Нөкис қалалық денетәрбия ҳәм спорт бөлиминиң жуўаплы хызметкерлери, Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплериниң ўәкиллери, ата-аналар ҳәм устазлар қатнасып, қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.