Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-октябрь күни «Исламдағы аўызбиршилик: Өзбекистан ҳәм Әзербайжан мысалында» халықаралық конференциясының Кавказ мусылманлары мәкемеси баслығы шайхулислам Оллоҳшукур Пошшозада басшылығындағы делегациясын қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманларды шын жүректен қутлықлап, бул конференцияның шөлкемлестирилгени ҳәм оның жумысында шет еллерден абыройлы делегациялардың қатнасқаны жәмийетте милетлераралық татыўлықты және диний кеңпейилликти беккемлеў, конфессиялараралық сөйлесиўди раўажландырыўға қаратылған халықаралық бирге ислесиў барған сайын кеңейип атырғанынан дәрек беретуғынын айрықша атап өтти.
Биргеликтеги бундай ис-ҳәрекетлер дүньяда муқаддес ислам дининиң тийкарғы қәдриятларын ҳәм адамгершилик идеяларын үгит-нәсиятлаўға, заманымыздың халықаралық терроризм ҳәм экстремизм сыяқлы қәўип-қәтерлерине қарсы нәтийжели гүресиўге қаратылғаны атап өтилди.
Өзбекистанның «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» – билим алыўдың ҳәмме ушын ашық-айдынлығын тәмийинлеў, саўатсызлыққа ҳәм жаўызлыққа шек қойыў сыяқлы принципиаллық көз-қараслары абыройлы халықаралық форумларда бир неше мәрте билдирилди.
Өзбекистан Президенти Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасын алға қойды.
Соны да атап өтиў керек, бүгинги күнде елимизде бул бағдарда анық мақсетке бағдарланған жумыслар әмелге асырылмақта, халықаралық бирге ислесиў кеңеймекте.
Атап айтқанда, уллы бабаларымыздың мийрасын үйрениў ҳәм оны келешек әўладларға жеткериў мақсетинде Самарқанда Имам Бухарий атындағы Халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ташкентте Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестирилмекте.
Ушырасыўда бүгинги күндеги глобал процесслер, қәўипсизликке ҳәм турақлылыққа туўып турған қәўип-қәтерлери ҳәрекетлерди бирлестириў, конфессиялараралық бирге ислесиўди және байланысты раўажландырыўды талап етип атырғаны атап өтилди. Миллетлераралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жаслардың әдеп-икрамлылық тәрбиясын арттырыў мәселелери додаланды.
Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы Оллоҳшукур Пошшозада шын жүректен қабыл еткени ушын Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа терең миннетдаршылық билдирди, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Мийманлар елимизде кеңпейиллик ҳәм өз-ара ҳүрмет, исеним еркинлигин тәмийинлеў, динге исениўшилердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған избе-из жумысларға жоқары баҳа берди.
Халықаралық конференция қатнасыўшылары тынышлықты, татыўлықты, турақлылықты ҳәм абаданлықты тәмийинлеў жолында Өзбекистан Республикасы менен белсенде сөйлесиўди және кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.
Темур Қурбонбоев (фото), УзА