Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 13-декабрь күни Қашқадәрья ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрьяға сапарын Ғузар районында қурылып атырған Uzbekistan GTL заводы менен танысыўдан баслады.

Усы аймақ жақын күнлерге шекем бос жатырған майдан болып, бул жерде қурылыс мөлшерленген заводтың жойбары тоқтап қалған еди.

Шавкат Мирзиёев бул жойбарға байланыслы барлық мәселелерди шешип берди – Президентимиздиң 2016-жыл 29-декабрьдеги қарарына муўапық, «Шортан газ-химия комплексиниң тазаланған метаны негизинде синтетикалық суйық жанылғы ислеп шығарыўды шөлкемлестириў» инвестициялық жойбар бойынша қосымша илажлар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл февраль айында Қашқадәрья ўәлаятына сапары ўақтында бул заводтың қурылыс майданына келип, оны қаржыландырыў, сырт ел технологиялары менен үскенелеў, қурылысшылар ҳәм кадрлар тәмийнаты сыяқлы барлық мәселелерди терең таллаған еди.

Тап усы жер. Тек ғана бул сапары әтирап улыўма басқаша. 135 гектардан зыят майданда қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте. Темир-бетон тырнақлар қаланып, эстакадалар көтерилген. Үлкен автокранлар орнатылып, қурамалы үскенелерди жыйнаў баслап жиберилген. Заводтың жүреги болған «Фишер-Тропш» реакторы қурылмақта.

Завод дүньядағы жетекши лицензиар компаниялар – «Sasol» (ҚАР),«Haldor Topsoe» (Дания) ҳәм «Chevron» (АҚШ) технолоигялары тийкарында қурылмақта. Қурылыс жумыслары бас жумысты бөлип алыўшы – Корея Республикасының «Hyundai Engineering Co. Ltd.» ҳәм «Hyundai Engineering and Construction Co., Ltd», Сингапурдың «Enter Engineering Pte. Ltd.» компаниялары тәрепинен алып барылмақта. Қурылысшы ҳәм кепсерлеўшилердың көпшилиги жергиликли жаслар болып табылады.

Япония, Қубла Корея, Сингапур, АҚШ, Германия, Италия, Қытай, Россия сыяқлы 21 мәмлекеттеги 126 заводта комплекс ушын зәрүр 11 мыңнан аслам үскене таярланбақта.

Бундай жумыс көлеми бийкар емес. Тәбийғый газден ситнетикалық суйық жанылғы (GTL) алыў жүдә қыйын процесс болып, жоқары технологиялар ҳәм терең илимий шешимлерди талап етеди. Ҳәзир дүньяда бундай заводлар тек ғана бесеў. Шортандағысы алтыншысы болады.

Бул үлкен жойбардың улыўма нырқы 3,6 миллиард АҚШ долларына тең. Оның әмелге асырылыўы нәтийжесинде жылына 3,6 миллиард куб метр газ терең қайта исленип, ЕВРО-5 стандартына жуўап беретуғын 1,5 миллион тонна синтетикалық суйық жанылғы ислеп шығарылады. Оның 311 мың тоннасы авиакеросин, 743 мың тоннасы дизель жанылғысы, 431 мың тоннасы нафта, 53 мың тоннасы суйылтырылған газ болады.

Заводтың тийкарғы әҳмийети сонда, тәбийғый газ шийки зат емес, қосымша қунға ийе өним сыпатында сатылады. Мәселен, 1000 куб метр тәбийғый газды шама менен 155 долларға экспорт етип атырған болсақ, жаңа заводта сонша газды қайта ислеў арқалы 300 долларлық өним ислеп шығарылады. Пайда еки есеге артады. Басқа GTL өнимлеринен алынатуғын қосымша дәрамат 576 миллион доллардан асады.

Және бир әҳмийетли тәреп – жылына нефть импортына кететуғын 1 миллиард доллардан аслам валюта үнемленеди. Завод иске түскеннен соң, 1 мың 300 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз комплекс қурылысын көзден өткерди. Жумысты бөлип ислеўши ҳәм инвесторлар менен сәўбетлести.

Биз ҳәр тәреплеме пикир жүргизип, 1 миллиард долларлық импорт орнын толықтыратуғын тарийхый жойбарды әмелге асырмақтамыз. Бул экономикамыздың турақлылығын беккемлеўге хызмет етеди. Усы ўақытқа шекем нефть-газ тармағында  бундай номенклатура жоқ еди. Бул жерде жанылғы ислеп шығарып, бензинниң өзине түсер баҳасын түсирсек, адамлар жойбардың нәтийжесин өзиниң күнделикли турмысында сезе баслайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы қәнигелер, техника ҳәм ресурслардан максимал пайдаланып, қурылыс-монтажлаў процесслерин ақылға уғрас муўапықластырыў, заводты иске түсириўди жеделлестириў, өним ислеп шығарыўды илажы болғанынша ертерек жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти. Оны пайдаланыўға тапсырыў мүддетин қысқартыў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырмасын берди.

Бул завод Шортан газ-химия комплексине жақын жайласқаны улыўмаласқан инфраструктуралық объектлерден пайдаланыўда қолайлық жаратады.

Бул жерде және бир жойбар – Шортан газ-химия комплексиниң қуўатлылығын 125 мың тоннадан 505 мың тоннаға шекем көбейтиў режелестирилмекте. Ол GTL нафтаны қайта ислеп, жаңа түрдеги полиэтилен ҳәм полипропилен ислеп шығарыўды нәзерде тутады.

Бундай жумыслар нефть-газ тараўында биринши кластер жаратыў имканиятын береди. Бул кәрханалар келешекте химия, автомобиль қурылысы, туризм, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Президентимиз Яккабоғ районында «Sag agro Yakkabog’»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жаратылып атырған ғоза ағашлары ҳәм бадамзарларды барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 1-июньдағы «Ғоза ислеп шығарыўшылар ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясын дүзиў ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары және усы жылдың январь айындағы Қашқадәрьяға сапары даўамында берген тапсырмалары тийкарында районда «Sag agro Yakkabog’»  ЖШЖ тәрепинен 25 миллиард сум қаржы есабынан 1 мың 140 гектар майданда ғоза ағашлары ҳәм бадамзарлар шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта 700 гектар майданда ғозаның «Chendler», «Cisco» ҳәм бадамның «Аvijor», «Guara» сортлы нәллери отырғызылды. Келеси жылы және 440 гектар майданда усы терек нәллери егиледи. Ғоза ағашы 4 жылда, бадамзар 3 жылда зүрәәт береди.

Бул бағ толық жаратылғаннан соң, жылына 7  мың тоннаға жақын өним алынады. 500 адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Жетистирилген өнимниң  60 процентин экспортқа шығарыў нәзерде тутылмақта.

Президентимиз бағда ғоза нәлин отырғызды.

Мәмлекетимиз басшысы жергиликли тәбийғый-ықлым шараятына сай ғозаның зүрәәтли плантацияларын жаратыў, аймақларда ғоза ислеп шығарыўдың көлемин кеңейтиў, өнимди сатыў базарларын көбейтиў, ислеп шығарылған инновациялық технологияларды ғоза жетистириў процесине енгизиў, ғоза нәллерин тәрбиялаўға тартылатуғын агрономларды ғоза плантацияларында агротехникалық илажларды дурыс өткериў бойынша оқытыў ушын арнаўлы таярлаў курсларын шөлкемлестириў бойынша  жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

Қашқадәрья аўыл хожалығы бойынша үлкен потенциалға ийе. Яккабоғда да зүрәәтли жерлер, дийқаншылықты жақсы билетуғын адамлар көп. Буннан дурыс пайдаланып, бағшылықты раўажландырыў, халықты  ҳәм азық-аўқат, ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин, деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан нәлханалар шөлкемлестириў, халықтың қыйтақ жерлери ушын мийўели тереклер жеткерип бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы жердиң өзинде Қашқадәрья ўәлаяты районларындағы резервтеги жер майданларында тоғай хожалықлары тәрепинен 2019-2020-жылларда писте, ашшы бадам, ғоза ҳәм облепиха плантацияларын шөлкемлестириў және Қамашы мәмлекетлик тоғай хожалығында шошқа бағыўды раўажландырыў, мәмлекетимиздеги тоғай ҳәм фермер хожалықларында айғабағар плантацияларын жаратыў, қаракөлшилик, жүзимгершиликти раўажландырыў, «Nasaf agro impeks» ЖШЖ тәрепинен Китоб районында заманагөй интенсив бағ шөлкемлестириў жойбарлары менен таныстырыў мәресими өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысына ўәлаятта балықшылық, қус бағыў, шарўашылық тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиз Мубәрек районындағы жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризиндеги «Азиз агро транс файз» заманагөй ыссыханасының жумысы менен танысты.

Исбилермен Қобилжан Ғуломов 2016-жылы «Мүбәрек ыссылық электр орайы» АЖ әтирапындағы тасланды аймақтан 2 гектар жер алып, ыссыхана қурған еди. Нәтийже күтилгенинен де артық болды. 2017-жылы 4 гектар, 2018-жылы 3 гектар жерде ыссыхана қурды.

Шөл аймағында, ағын суўдан алыста мол зүрәәт жетистириў аңсат емеслиги тәбийғый. Исбилермен буның да илажын тапты. Яғный жаўын мәўсиминде 800-1000 тонналық суў жыйналатуғын ҳәўизлер қурды. Жыйналған суўдан егинлер тамшылатып суўғарылады. Және бир әҳмийетли тәрепи «Мүбәрек ыссылық электр орайы» АЖ да өндиристе пайда болатуғын ыссы суў бурын арнаўлы процессте суўытылатуғын еди. Бул ыссы суў қубырлар арқалы ыссыханаға тартып келинген. Ол ыссыханадағы зәрүрли ҳаўа температурасын тәмийинлеп береди, суўығаннан соң, және ыссылық кәрханасына қайтарылады. Ҳәзирги ўақытта ыссыханада 100 ден аслам адам мийнет етпекте. Келеси жылы ыссыхананың улыўма майданы 10 гектарға жеткериледи. Жумыс орынларының саны және көбейеди.

Улыўма, район бойынша 60 исбилерменге 300 гектар жер усындай ыссыхана қурыў ушын ажыратылған. Келешекте ыссыханалар қурыўды және де кеңейтиў нәзерде тутылған.

Президентимиз заманагөй ыссыхананың жумысы менен танысты, жумысшылар менен пикирлести.

Елимиз экономикасының раўажланыўы, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе бундай ыссыханалар тармағын буннан былай да кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул жерде Қашқадәрья ўәлаятында 2019-2020-жылларда ыссыханалар шөлкемлестириў, Шырақшы районында суўғарылмайтуғын жерлерде палыз егинлерин жетистириўди көбейтиў, ўәлаятта халықтың қыйтақ жерден пайдаланыўды жақсылаў сыяқлы бир қатар жойбарлар менен таныстырылды.

Мәмлекетимиз басшысының  2016-жыл 21-декабрьдеги қарары менен тастыйықланған бағдарламаға тийкарланып, Қашқадәрья ўәлаятында жеңил санаат тармағында 10 нан аслам ири перспективалы жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Өткен дәўирде олардың айырымлары көлеминде жумыслар жуўмақланып, жаңа кәрханалардың жумысы жолға қойылды. Қаршы қаласындағы «Sulton teх group» кәрханасы әне солардың бири болып табылады.

бул кәрхана жайласқан аймақ буннан еки жыл алдын бурынғы пахта заводына қараслы қараўсыз жерлер еди. Мәмлекетимиз басшысының буннан алдыңғы сапары ўақтында Қашқадәрья ўәлаятында әмелге асырылатуғын жеңил санаат жойбарларының қатарында «Sulton teх group» кәрханасын қурыў ҳаққында да мағлыўмат берилген еди. Тийкарғы мақсети пахта талшығын терең қайта ислеў арқалы сыртқы базарда талап жоқары болған таяр тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў болған бул кәрхана ўәлаятта жеңил санаат тармағын раўажландырыўда әҳмийетли жойбарлардан бири болады.

Өткен дәўирде жойбар ушын Сыртқы экономикалық ислер миллий банкиниң 10,4 миллион доллар кредити ҳәм кәрхана шөлкемлестириўшисиниң 6,6 миллион доллар өзиниң қаржысы қаратылып, пахта талшығынан ийирилген жип ислеп шығарыў кәрханасын қурыў баслап жиберилди. Усы жылдың басында жойбардың дәслепки басқышы – жылына  7 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе фабрика иске түсирилди.

Президентимиз ўәлаятқа сапары даўамында бул кәрханада болып, оның жумысы менен жақыннан танысты.

Пахта талшықлы ийирилген жип ислеп шығарыўға қәнигелестирилген бул кәрханада Швейцария ҳәм Япониядан алып келинген ең соңғы маркадағы тазалаў, ийириў ҳәм ораў үскенелери орнатылған болып, бул жерде 300 ге шамалас жумысшы мийнет етпекте.

Усы жылдың өткен дәўири ишинде кәрханада 5 мың 800 тонна ийирилген жип ислеп шығарылды. Соннан 12 миллион долларлық өним Польша, Түркия, Иран, Египет сыяқлы 10 ға шамалас мәмлекетке экспорт етилип, 50 миллиард сумлық өним ишки базарға жеткерип берилди.

Кәрханада талшықты тазалаўдан баслап, ораўға шекемги болған барлық процесс автоматласқан түрде басқарылады. Лабораторияда талшық ҳәм ийирилген жиптиң сапасы қатты қадағалаўға алынады.

Мәмлекетимиз басшысы бул лабораторияның жумысын да көзден өткерди, жумысшылар менен сәўбетлести. Президентимиздиң сапары шеңберинде жойбардың екинши басқышы – жылына 3 мың тонна трикотаж гезлеме ислеп шығарыў қуўатлығына ийе тигиў фабрикасының жумысына старт берилди.

Атап өтиў керек, улыўма нырқы 53 миллион доллардан аслам болған кәрхананың гезектеги басқышларында гезлеме тоқыў, оны бояў, таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў режелестирилген. Соның ишинде, тигиў өнимлери таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў фабрикасы 2019-жылы январь айында иске түсириледи. Бул жойбардың нырқы 3 миллион доллар болып, Европаның алдыңғы өндирис үскенелери тийкарында ислейди. Фабрика иске түсиўиниң нәтийжесинде 700 ге жақын жаңа жумыс орны жаратылып, жылына 9 миллион дана таяр өним ислеп шығарылады.

Әҳмийетлиси, бүгинги күнде кәрханада ең нәтийжели экономикалық система болған пахта тоқымашылық кластери шөлкемлестирилип, буның ушын Қаршы районы аймағынан 10 мың гектар жер майданы ажыратылған. Пахта жетистириўден баслап, оны қайта ислеў ҳәм таяр өним етип сатыўға шекемги болған процесс бул кәрхананың өзинде әмелге асырылады. Бул өнимниң өзине түсер баҳасы арзанлаўы ҳәм сапа дәрежесиниң артыўына алып келеди, ўәлаятта дүнья базарында бәсекиге шыдамлы таяр тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў өзлестириледи.

Шавкат Мирзиёев кәрхананың кейинги басқышларын тез ҳәм сапалы әмелге асырыў, таяр өним түрлерин ҳәм экспорт географиясын және де кеңейтиў, пахта тоқымашылық кластерин жетилистириў бойынша анық көрсетпелер берди.

Усы жерде Сингапурдың «Индорама» компаниясы тәрепинен Қашқадәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында пахта тоқымашылық кластерлерин шөлкемлестириў, мәмлекетимиздиң Польша, Иран, Уллы Британиядағы елшиханалары тәрепинен Қашқадәрья ўәлаятына сырт ел инвестицияларын  тартыў, аўыл хожалығы, санаат, хызмет көрсетиў тараўларында ири жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған режелер менен таныстырыў болып өтти.

Президентимиз 2017-жыл 24-25-февраль күнлери Қашқадәрья ўәлаятына сапары ўақтында Қаршы қаласында қурылып атырған Республикалық қәнигелистирилген эндокринология және Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайларының Қаршы филиалларының жойбарлары менен танысып, бул филиаллардың шөлкемлестирилиўинен мақсет халыққа және де көбирек қолайлық жаратыў екенин айрықша атап өткен еди.

Қысқа ўақыт ишинде бул жойбарлар тийкарында жедел қурылыс жумыслары орынланды, алдын пайдаланылмай турған аймақ тутас жайласқан орай филиаллары әтирапы абаданластырылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде наўқаслар ушын жаратылған шараятлар, медициналық әсбап-үскенелер, қәнигели кадрлар тәмийнаты, заманагөй емлеў усыллары менен танысты.

Филиал тек ғана қашқадәрьялылар емес, ал, басқа да ўәлаятлар ҳәм қоңсылас республикалар халқы ушын да хызмет етеди.

120  орынлық Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайы Қаршы филиалында реабилитация ҳәм жүрек-қан тамыр, созылмалы жүрек жетиспеўшилиги ҳәм аритмология, артериал гипертензия, рентген-эндоваскулярлық хирургия, кардиохирургия, қабыллаў-диагностика сыяқлы бөлимлер, күнлик 100 қатнаўға мөлшерленген поликлиника жумысы жолға қойылады.

Орай жүрек-қан тамыр кеселликлерине диагноз қойыў ҳәм емлеў ушын зәрүр барлық заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Президентимиз атап өткениндей, бул әсбап-үскенелерден нәтийжели ҳәм дурыс пайдаланыў оғада әҳмийетли. Бул ушын заманагөй медицина илимин терең өзлестирген, тәжирийбели ҳәм өз кәсибиниң пидайы қәнигелери зәрүр.

Орайға жүрек-қан тамыр кеселликлерин емлеўде алдыңғы тәжирийбеге ийе, Россия, Германия сыяқлы мәмлекетлерде билим алған, қәнигелигин арттырған шыпакерлер тартылған. Олар өз тәжирийбелери менен билимлерин ўәлаяттағы кәсиплеслерине де үйретеди.

Бул жерде коронарография, вентрикулография, тамырлар ангиографиясы, коронар тамырларды стендлеў, баллонлы вальвулопластика, бөлмешелераралық ҳәм қарыншалараралық тосық кемшиликлерин окклюдер жәрдеминде сапластырыў, аортакоронар шунтлаў, жүрек арттырылған кемшиликлеринен калапанларды протезлеў, арттырылған ҳәм туўма кемшиликлерде исленетуғын хирургиялық әмелиятлар орынланады.

Усы күнге шекем аймақта эндокрниология хызметин көрсететуғын бас мәкеме – ўәлаятлық эндокринология диспансери болып, ол 1980-жылы шөлкемлестирилген, ислеў системасы елеге шекем ескише еди.

Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илмий-әмелий медицина орайы Қаршы филиалы 150 орынға мөлшерленген болып, эндокринологиялық кеселликке шалынған наўқаслар енди бул жерде емленеди. Диабетлик невропатия, улыўма эндокринология ҳәм балалар, қалқан тәризли без кеселликлери ҳәм эндокрин хирургия, диабетлик тобық хирургиясы, лаборатория-диагностика сыяқлы бөлимлерди, 50 қатнаўға мөлшерленген поликлиниканы өз ишине алған орайда жылына 700-800 хирургиялық әмелият өткерилиўи нәзерде тутылмақта.

Филиалды қәнигели кадрлар менен тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылған. Еки шыпакер сырт елде  тәжирийбесин арттырып қайтты. Бул жерде әмелге асырылған тийкарғы жаңалықлардан бири диабет мектебиниң жумысы жолға қойылғаны болып табылады. Мектепте қәнигели мийирбийкелер қантлы диабетке шалынған наўқасларға өзин өзи қадағалаў, кеселликлердиң келип шығыў факторлары, оның алдын алыў жоллары, балаларға болса, нан бирлигине тийкарланып, дурыс аўқатланыў тәртиби орнатылады.

Шавкат Мирзиёев бул медицина мәкемелерине тәжирийбели кадрларды тартыў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң қамтыўын ҳәм сапасын арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Қаршы қаласындағы бул филиаллар басқа ўәлаятларға үлги болыўы керек. бул ушын, бәринен бурын халықтың медициналық мәдениятын арттырыў зәрүр. Тийкарғы мақсетимизден бири – халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиў системасын жетилистириў. Бул ушын биз барлық имканиятларды жумсаймыз. Бул реформаларымыздың нәтийжесин халқымыз бүгин, күнделикли турмысында сезсин, деди Мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиздиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.

ӨзА