Алдын хабар етилгениндей, Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында қыс мәўсимин нәтийжели өткериў бойынша қала ҳәм районлар штабларын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Бүгинги күнде қала ҳәм районлар ҳәкимликлеринде қыс мәўсими бойынша штаблар шөлкемлестирилген болып, усы штабларда 24 саат даўамында жумыс алып баратуғын исеним телефонлары хызмети жолға қойылды.

Исеним телефонларына ишимлик суўы, тәбийғый газ, суйылтырылған газ, электр энергиясы ҳәм көмир тәмийнатындағы машқалалар бойынша өзиңиз жасап атырған аймақтағы ҳәкимлик штабына тиккелей мүрәжат етиўиңизге болады.

Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлеринде шөлкемлестирилген исеним телефонларының номерлери төмендегише:

Қала ҳәм районлар атамасы Исеним телефонлары номерлери
1 Нөкис қаласы 61-222-47-70,     61-222-68-44
2 Төрткүл районы 61-532-21-30
3 Беруний районы 61-524-23-65
4 Елликқала районы 61-585-22-08
5 Әмиўдәрья районы 61-515-34-49
6 Хожели районы 61-554-17-30
7 Шоманай районы 61-346-25-39
8 Қанлыкөл районы 61-332-13-24
9 Қоңырат районы 61-312-36-36
10 Кегейли районы 61-412-23-35
11 Шымбай районы 61-444-42-52
12 Тахтакөпир районы 61-435-12-24
13 Қараөзек районы 61-465-43-69
14 Мойнақ районы 61-322-12-97
15 Нөкис районы 61-226-41-81
16 Тақыятас районы 61-572-22-91

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети