Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының Қоңырат районлық бөлими тәрепинен өткерилген илажлар барысында жақында бир қатар нызам бузыўшылықлар анықланған.

Атап айтқанда, «Қоңырат ун заводы» АЖ тәрепинен шәртнамалық мүнәсибетлер тийкарында ислеп шығарыў ушын қабыл етип алынған жәми 1700 тонна салы өними материаллық жуўапкершилик шәртнамасы тийкарында Б.Л. (фамилиясы, исми өзгертилген)ның жуўапкершилигине берилип, Қанлыкөл районы, «Жайхун» АПЖ аймағында жайласқан жәмийетке ижара шәртнамасы тийкарында пайдаланыўға алынған қоймаханаға жайластырылған.

«Ўздонмаҳсулот» АК басқармасының буйрығына тийкарланып, жуўапкер шахс Б.Л.ның жуўапкершилигиндеги салының кирим-шығымына инвентаризация өткерилгенинде   жәми 1 миллиард 177 миллион 141 мың 861 сумлық мәмлекетлик резерв ушын сақланып турған 817 мың 902 килограмм салы өнимлериниң кемис екени анықланған.

Усы факт бойынша Инспекцияның Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды ҳәм тийисли жумыслар алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.