O’zLiDeP Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық бөлими, районлық бәнтликке көмеклесиў орайы менен бирликте жаслардың, әсиресе, шөлкемлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Бос жумыс орынлары» ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркаға 23 кәрхана 87 бос жумыс орны менен қатнасты.

– Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз тәрепинен жасларға үлкен итибар қаратылмақта,-дейди  O’zLiDeP Тақыятас районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Р.Хидирбаев. – Ярмарканың тийкарғы мақсети – халықты, әсиресе, жасларды өз қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырыў, оларға мәсләҳәт ҳәм усыныслар бериў болып есапланады.

– Қәнигелигим бойынша муғаллиммен,-дейди пуқара Г.Әўезимбетова. – Көп ўақыттан берли жумыссыз едим. Партия тәрепинен шөлкемлестирилген усы ярмаркада өз қәнигелигим бойынша райондағы 14–санлы улыўма билим бериў мектебине муғаллим болып жумысқа кирдим.

Өткерилген ярмарка даўамында 35 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Оларға тийисли мәсләҳәт ҳәм усыныслар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.