11-декабрь күни Нөкис қалаcы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында «Мәҳәллелерде ҳәм шаңарақларда руўхый орталақты саламатластырыў» атамасында оқыў семинары өткерилди.

Оқыў семинары Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Руўхый ағартыўшылық орайы, Өзбекстан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мусулманлар қазыяты менен биргеликте шөлкемлестирилип, семинар усы жыл 11-16-декебрь күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы пуқаралар жыйынлары ҳәм мәҳәлле белсендилери арасында өткериледи.

Оқыў семинарды өткериўдеги тийкарғы мақсет – мәҳәллелер ҳәм шаңарақларда руўхый орталықты саламатлығын тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллериниң бирге ислесиўин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, сондай-ақ, алдынғы тәжирийбелерге тийкарланған ҳалда, бул бағдардағы жумысларды еле де жақсылаў бойынша пикир алмасыўдан ибарат.

Семинар-шаңарақлардағы түрли келиспеўшиликлер менен гүресиўдиң ең нәтийжели усылы болып, жағдайларды ерте анықлаў,   келиспеўшиликлердиң алдын алыў, профилактикалық жумысларды алып барыў, мәҳәллелердеги руўхый әдеп-икрамлық жақтан машқаласы бар, тынышсыз, жынаятшылыққа бейим болған яки профилактикалық дизимде туратуғын шаңарақлар, олардың ағзалары менен индивидуал тәризде жумыс алып барыў, қоллап-қуўатлаў, машқалаларды шешиў бойынша мәнзилли қатнас жасаўды тәмийинлеўге қаратылған.

Семинар даўамында мәҳәллелерде жәмийетлик-руўхый орталыққа унамсыз тәсир көрсетиўши жағдайлар (жынаятшылық, тынышсыз шаңарақлар, шаңарақлық ажырасыўлар) ды келтирип шығыўшы себеплерден келип шығып олардың алдын алыўға бағдарланған анық темадағы руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў ҳәм оларды өткериўде мәҳәллениң  ҳәм  пуқаралар ўәкиллерин кеңнен тартыў керек екенлигин атап өтти.

– Шаңарақ ҳәм мәҳәлле – жәмийет таянышы. Шаңарақтың уйытқысы ҳаял болып, қайсы халықтың, мәмлекеттиң ҳаял-қызлары ийманлы, ийбели болса, сол мәмлекетте тынышлық турақлы болады, – дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Гүлсара Абибуллаева. – Мәҳәллерде ҳәм шаңарақларда руўхый орталықты саламатластырыўда тийкарынан шаңарақтағы бала тәрбиясына айрықша итибар қаратылмақта. Шаңарақта бала тәрбиясына ҳаяллар менен бир қатарда әкениң де жуўапкершилиги күшли болыўы керек. Шаңарақта ата-ана баласына жаслайынан илимли, билимли болыўды санасына сиңдирип барса, жәмийетимиздеги жат иллетлерге бирге гүрескен боламыз.

Оқыў семинарында «Мәҳәллелерде ҳәм шаңарақларда социааллық руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўде бирге ислеўши системалардың роли», «Шаңарақларда руўхый орталықта саламатластырыўда миллий ҳәм диний қәдирятлардың орны», «Мәҳәллелер ҳәм шаңарақларда социаллық руўхый  орталықты саламатластырыў ҳәм жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда Жаслар аўқамының орны ҳәм ўазыйпалары» атамасындағы баянатлар тыңланды.

Семинар қатнасыўшылары тәрепинен үгит-нәсиятлаў илажларына кең жәмийетшиликти тартыў, оларға тәжирийбели қәнигелер, жазыўшылар, шайырлар, илимпазлар, көркем өнер ғайраткерлерин, жас талантлылар, үлгили шаңарақ ийелери, сондай-ақ, спорт жарысларының чемпионлары қатнасыўында өткерип, олардың тәсиршеңлигин арттырыўға хызмет етиўи ҳаққында усыныслар билдирилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы