Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни АҚШтың Аўғанстандағы жарасыў мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Халилзод ҳәм АҚШ Президенти жәрдемшисиниң орынбасары, Миллий қәўипсизлик кеңесиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша үлкен директоры Лиза Кёртисти қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы АҚШ делегациясын қызғын қутлықлап, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып ҳәм избе-из бекленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Усы жылдың май айында АҚШқа жоқары дәрежедеги сапарының жуўмағында ерисилген келисимлер стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирин баслап бергенин атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар жеделлести, нәтийжели сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўлер жолға қойылды, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлеспекте.

Ушырасыўда Өзбекстан менен АҚШ арасындағы ҳәр тәреплеме қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўге байланыслы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер көрип шығылды. Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиўге айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Аўғанстан менен дәстүрий жақын қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратып атырғаны, бул мәмлекетте тез ўақытта тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўы, избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдиң тәрепдары екенин атап өтти.

Өзбекстанның басламасы менен әмелге асырылып атырған инфраструктураға байланыслы бир қатар әҳмийетли жойбарлар бул процеске айрықша үлес болып қосылады.

Мазори Шариф – Ҳирот темир жолы ҳәм Сурхан-Пули Ҳумри электр жеткерип бериў линиясының қурылысы солардың қатарына киреди.

Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда көлеми ҳәм транзит жүк ағымын арттырыўға хызмет ететуғын бажыхана терминалын өз ишине алған «Термиз-Карго-Марказ» халықаралық логистика орайы шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, Термиз қаласында аўған жаслары билим алып, кәсип-өнер ийелеп атырған Билимлендириў орайы табыслы жумыс алып бармақта.

Ушырасыўда Аўғанстанда тынышлық процесин баслаўда аўған халқының баслы ҳәм шешиўши ролин нәзерде тутқан пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин буннан былай да бир тутас муўапықластырыў, бул мәмлекетке экономикалық жәрдем жойбарларын алға сүриўде әмелий жәрдем көрсетиў зәрүрлиги атап өтилди.

463c30e0-ab33-8ef7-bb13-9665f600392a.jpg

Залмай Халилзод ҳәм Лиза Кёртис шын жүректен қабыл еткени ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирип Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының  қоңсылас мәмлекетлер, соның ишинде Аўғанстанға болған сыртқы сиясатына жоқары баҳа берилди.

Усы жылдың март айында Ташкент қаласында болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияның жуўмақлары Аўған мәселесин тыныш жол менен шешиў бойынша көп тәреплеме халықаралық илажлар бағдарларын белгилеп бергени ҳәм бул бағдардағы қоспа ҳәрекетлер ушын тийкар болғаны атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, регионда тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде Аўғанстандағы жағдайды шешиў мәселелеринде өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА