Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Биз коррупцияға қарсымыз» атлы мегатаңлаў жәрияланған еди.

Еки ай даўам еткен усы таңлаўда қатнасыў ушын Өзбекстан Республикасы бойынша 56 журналистикалық материал, 89 блогпост, 8 социаллық ролик келип түскен. Буннан басқа, мектеп, колледж оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студентлери тәрепинен таңлаў шеңберинде 22 мыңнан аслам шығарма жазылған.

Бул болса, өз нәўбетинде, жәмийетте, әсиресе, жасларымызда коррупцияға қарсы аяўсыз қатнасықтың қәлиплесип атырғанлығынан дәрек береди.

Төрешилер коллегиясы тәрепинен келип түскен материаллар пуқта үйренилип, тийисли бағдарлар бойынша жеңимпазлар анықланды. Бунда төрешилер коллегиясы тәрепинен «Ең жақсы социаллық ролик» бағдары бойынша усынылған материаллар аз болғанлығы ҳәм дәрежеси инабатқа алынып, усы номинация бойынша қойылған саўғалар менен «Ең жақсы баян ушын» номинациясы бойынша белсенди қатнасқан жасларды сыйлықлаў мақсетке муўапық, деп табылған.

Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткен 6-декабрь күни  Ташкент қаласындағы “INTERNATIONAL HOTEL TASHKENT”  мийманханасында өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мағлыўмат бериўинше,  Қарақалпақстаннан «Балалардың жаңа ойыны» атамасындағы социаллық ролиги ушын  Р.Мирманов  iPhone X смартфоны, жоқары оқыў орынлары студентлери арасындағы «Ең жақсы баян ушын» номинациясы бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти З.Қалбаева екинши орынды ийелеп, Samsung Galaxy S9 смартфоны менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.