Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис әскерий горнизонында экстремизмниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, бул бағдарда жасларымыз арасында үгит-нәсият жумысларын жетилистириўге бағышланған ушырасыў болып өтти.

Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға әскерий хызметкерлер, соның менен бирге улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер, бүгинги күни дүньяның бир қатар мәмлекетлеринде жүз берип атырған экстремистлик ҳәрекетлериниң ақыбети, оның тыныш ҳәм абадан турмысқа тийгизетуғын ақбетлерин анық мысаллар менен атап өтти. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың елимиз жаслары менен болған ушырасыўда атап өткениндей, ҳәзирги күнде дүнья көлеминде аяўсыз бәсекилик, қарама-қарсылық ҳәм қәўип-қәтерлер барған сайын кескин түс алмақта. Экстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы, нызамсыз миграция, «ғалабалық мәденият» сыяқлы қәўип-қәтерлер күшейип, адамзат әсирлер даўамында әмел етип келген исенимлерге, шаңарақлық қәдириятларға зыян келтирмекте.

Ғәрезсиз елимизде экстремизмге қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша әмелий илажлар алып барылмақта. Соның ишинде, жаслар арасында бул иллеттиң алдын алыў бойынша қәнигелердиң қатнасында дөгерек сәўбетлериниң, ушырасыўлардың турақлы шөлкемлестирилиўи өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Илажда  сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 4-августтағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының Нөкис әскерий горнизонында орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға да тоқтап өтилди. Әскерий хызметкерлер арасында алдыңғы тәжирийбелерди кеңнен ен жайдырыў, жаўынгерлик таярлық бойынша ерисилип атырған табыслар жөнинде мағлыўмат берилди.

Илаж қатнасыўшылары бул бағдардағы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.