Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳәр қыйлы нызам бузыўшылықлардың алдын алыў бағдарында бир қатар илажлар өткерилмекте.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының «Исеним телефоны»на Нөкис қаласы Пушкин көшесинде жасайтуғын пуқара Д.Қитжанова тәрепинен мүрәжат келип түседи.

Онда «Мир обой» дүканынан сатып алған обойы интерьерге сәйкес келмегени ушын дүканға қайтарғанында, сатыўшы ол ушын төленген 290 мың сумын қайтарып бермей атырғанлығын көрсеткен.

Тутыныўшының мүрәжаты Нөкис қалалық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренип шығылып, усы мүрәжат өзиниң унамлы шешимин тапты.

Сондай-ақ, Нөкис қаласы А.Досназаров көшесинде жасайтуғын пуқара С.А. усы жыл 28-ноябрь күни, Нөкис қалалық тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетине «Исеним телефоны» арқалы мүрәжат етип, онда «Төрткүл гузары» көшеси бойында жайласқан «Артел» дүканынан 2 миллион 200 мың сумға сатып алған кир жуўыў машинасының сапасызлығынан наразы екенлигин билдиреди. Усы мүрәжат үйренилгенинде, онда көрсетилген ўәжлердиң дурыс екенлиги анықланып, пуқара С.А ның ақшасы «Артел» дүканы тәрепинен қайтарып берилди.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 11 айы даўамында Федерация ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлерине, жәми 523 мүрәжат келип түскен ҳәм 770 миллион 608 мың 665 сум тутыныўшылардың пайдасына шешилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.