Өзбекстан Республикасы Бас министри – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2018-жыл 8-январьдағы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының 12-январьдағы ҳәм 2-ноябрьдеги арнаўлы буйрықлары тийкарында, Нөкис районында үш күн даўамында «Басқарыў уйымларының, АЖМС аймақлық ҳәм функционаллық төменги структураларының тәбийғый ҳәм техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекети» темасында сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўы өткерилди.

Сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўына район ҳәкимлиги, районның Айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структурасы, аймақлық ҳәм төменги структуралары хызметлериниң басшылары, экономикалық объектлердиң баслықлары ҳәм қәнигелери, аўыл ҳәм мәкан-пуқаралар жыйынларының басшылары, аймақ турғынлары қатнасты.

– Оқыў-шынығыўы усы жылдың 3-декабрь күни саат 07:15те «Йиғин» сигналы берилиўи менен басланды ҳәм үш күн даўам етти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының қәнигеси И.Қосбаев. – Дәслепки күни ең алды менен басшыларға хабар берилип, Пуқаралық қорғаныў баслығы тәрепинен мәжилис өткерилди. Онда пуқаралық қорғаныў хызметлери басшыларының есаплары тыңланып, тийисли көрсетпелер берилди.

Соң Нөкис районы ҳәкими – Пуқаралық қорғаныў баслығының дала шараятындағы басқарыў пунктиниң, районның механизацияласқан жыйма командасының, саўда ҳәм аўқатланыў, биринши медициналық жәрдем отрядларының, турақлы таярлықтағы авария-тиклеў бригадалары менен санитарлық дружиналардың күш ҳәм қуралларының дала шараятындағы орналасыўы әмелге асырылып, жер силкиниўи нәтийжесинде жәбирленген халыққа жәрдем көрсетиў илажлары өткерилди.

Райондағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Пуқаралық қорғаныў күни» өткерилди. «Агробанк» филиалында өткерилген «Жер силкиниўи ақыбетинен пайдаланған жынайы топарларды ҳәм жынаятшылар тәрепинен жүз берген өрт ақыбетлерин сапластырыў ҳәрекетлери» темасындағы арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўында 98 адам ҳәм 6 техника қатнасты. Ал, районлық көп тармақлы поликлиникада «Адамлар арасында батулизм кеселлигиниң алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыўда АЖМС хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери» темасында өткерилген арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўында 78 адам ҳәм 5 техника қатнасты.

Оқыў-шынығыўының екинши күни районның «Төк таў» МПЖда жер силкиниў ақыбетинде аймақта жүз берген ҳәр қыйлы дәрежедеги бузылған жайлардың астынан ықтыярлы қутқарыўшыларды тартқан ҳалда адамларды излеп табыў ҳәм қутқарыў жумыслары әмелге асырылды. Сондай-ақ, халықты жүзеге келген тәбийғый (жер силкиниў) қәсийетке ийе айрықша жағдайлардан хабардар етиў, жәбирленген (баспанасыз қалған) халықты қорғаў мақсетинде қәўипсиз аймақларға көшириў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм оларды дурыс ҳәрекет ислеўге үйретиў, жыйнаў ҳәм қабыллаў, саўда ҳәм аўқатланыў пунктлери шөлкемлестирилип, жыйма ҳәм қабыллаў пунктлериниң жумысы шөлкемлестирилди.

Күнниң екинши ярымында адамлар ҳәм ҳайўанлар арасында қутырыў кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда тийисли хызметлердиң бирликтеги ислесиўи бойынша арнаўлы оқыў-шынығыў өткерилди. Районлық электр тармақлары кәрханасында өткерилген арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы да усындай бирге ислесиў мәселелерине байланыслы болды.

Оқыў-шынығыўлардың үшинши күни «Қутанкөл» агроэкономикалық кәсип-өнер колледжинде өткерилген «Пуқаралық қорғаныў күни» менен басланды. Соң районның газ тармақлары кәрханасында «Жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларда объект басшылар қурамы ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының ҳәм районның АЖМС хызметлери менен бирликтеги ҳәрекетлери» темасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Үш күн даўам еткен сәркардалық-штаб оқыў шынығыўларына жәми 4854 адам ҳәм 115 техника қатнасты.

Оқыў-шынығыўларын өткериў барысында тийкарғы итибар айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша ҳәрекет режелериниң дурыслығына, бул режелерде көрилген илажлардың әмелий орынланыў итималлығына, тәбийғый түрде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларда район халқының көшиў орнында тез тәртипте жасаў шараятларын жаратыўға, көрилетуғын зыянларды мүмкиншилиги болғанында азайтыў ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының қутқарыў ҳәм басқа кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў бойынша таярлықларына қаратылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.