Қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер!

Бәринен бурын, бәршеңизди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, ең жақсы ҳәм шын жүректен қутлықлаўларымды билдириўге рухсат еткейсиз.

Өз исиниң шебер устасы болған сиз, әзизлердиң пидәкерлик мийнетиңиздиң нәтийжесин ҳәр күни өз дастурханында көретуғын халқымыз быйылғы мәўсим қандай аўыр ҳәм қыйын болғанын жақсы биледи. Ҳақыйқатында да тәбият қыйыншылықлары – бәҳәрдиң қурғақ келгени, күтилмеген нөсер жаўынлар менен боранлар, жаз мәўсиминдеги суў там-тарыслығы, жәзийрама ыссы, ҳәр қыйлы зыянкеслер менен кеселликлер егинлерге үлкен қәўип туўдырғаны, гүзде болса жаўын-шашынлардың ерте басланғаны елимиз аўыл хожалығы хызметкерлерин және бир мәрте қатаң сынақтан өткерди.

Әне сондай қыйыншылықларға қарамастан, елимиз бойынша 6 миллион 124 мың тонна ғәлле, 2 миллион 300 мың тонна пахта, 8 миллион 661 мың тонна овощ, 2 миллион 411 мың тонна картошка, 1 миллион 607 мың тонна палыз егинлери,  2 миллион 100 мың тоннаға жақын мийўе, 1 миллион 314 мың тонна жүзим, 18 мың тонна пилле, 1 миллион 789 тонна гөш, 7 миллион 830 мың тонна сүт таярлаўға ерискениңиз мақтаўға ылайық.  Жуўмақлап айтқанда, жәми болып 58 триллон 181 миллиард сумлық аўыл хожалығы өнимлерин жетистиргениңиз жыл даўамында ислеген мәрдана мийнетиңиздиң жемиси.

Быйыл мәўсим жуўмақланып, жыл нәтийжелерине жуўмақ жасалып атырған мине усы қутлы әййямда сизлерге, барлық аўыл халқына әне усындай ылғаллы мийнетиңиз ушын өзимниң атымнан, халқымыздың атынан үлкен рахметлер айтып, шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!

Сизлерге  жақсы белгили, елимизде кейинги еки жылда барлық тараўлардың қатарында аўыл хожалығы бойынша да әҳмийетли бағдарламалар, «жол карта»лары ислеп шығылып, избе-из әмелге асырылмақта. Соның ишинде, дийқан ҳәм фермерлер, атыз мийнеткешлериниң мийнетин мүнәсип қәдирлеў ҳәм хошаметлеў мақсетинде мәмлекеттиң зәрүрликлери ушын сатып алынатуғын пахта ҳәм ғәллени қаржыландырыў тәртиби өзгертилгенин, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте фермерлер өз қаржыларын бийғәрез жумсаў ҳуқықына ийе болғанын атап өтиў зәрүр.

Быйылғы мәўсимде ғәлле жетистиретуғын фермерлерге 1 триллион 33 миллиард ямаса өткен жылға салыстырғанда 142 процент, пахташылық хожалықларына болса 5 триллион 138 миллиард сум ямаса өткен жылға салыстырғанда 2,4 мәрте көп жеңилликли кредитлер ажыратылғаны тараўдың раўажланыўына жоқары итибардың үлгиси болып табылады.

Бул тармаққа базар механизмлери, хожалық жүргизиўдиң агрокластер системасы енгизилип атырғаны, бурын итибарымыздан шетте қалып келген заманагөй ыссыханалар, балықшылық, пал ҳәррешилик, боян тамыр, шафран, қызыл бурыш, чеснок, тоқсанбасты усылында овощ жетистириў, қусшылық, жылқышылық, қыйтақ хожалықлары сыяқлы бағдарлар жедел раўажланып атырғаны түпкиликли структуралық өзгерислерге себеп болмақта. Булардың бәри аўыл хожалығын жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары ушын барған сайын тартымлы, перспективалы тармаққа айландырмақта.

Ҳәзирги ўақытта аўылларымыздың келбетин түп-тийкарынан жаңалаў, оларды абат етиў, аўыл халқы ушын заманагөй шараятлар жаратыў бойынша да көп жумыс исленбекте. Соның ишинде, арзан турақ жайлар бағдарламасы быйыл аўылларымызда 28 мың турақ жай қурылып, өз ийелерине тапсырылды. Бундай турақ жайлар ушын дәслепки төлем муғдары 25 проценттен 15 процентке, кем тәмийинленген шаңарақлар ушын болса 10 процентке төменлетилди.

Быйыл «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 159 райондағы 416 аўылда үлкен көлемдеги қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде 2 миллионға жақын халқымыз ушын жаңадан турақ жайлар, тәбийғый газ, электр, ишимлик суў тармақлары, рәўан жоллар, мектеп ҳәм бақшалар, емлеў орынлары, мәденият ҳәм спорт объектлери, бир сөз бенен айтқанда, мүнәсип турмыс шараятлары жаратылғаны, бәршемизди қуўандырады ҳәм келешекте бул жумысларды және де кең көлемде даўам еттириўге руўхландырады.

Қәдирли журтласлар!

Ҳәзирги ўақытта алдымызда шешиўимиз зәрүр болған оғада әҳмийетли ўазыйпалар турғанын бәршемиз жақсы билемиз. Бәринен бурын, быйыл мәўсимниң ашшы тәжирийбесинен келип шығып, жоқары нәтийже бермей атырған пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартыўды избе-из даўам еттириў зәрүр.

Пахта ҳәм ғәлледен босаған майданларда экспортқа қолайлы, ишки ҳәм сыртқы базарда талап жоқары болған егинлерди егиў, басқаша айтқанда, ҳәр бир хожалық ҳәм районның қәнигелесиўин қайта көрип шығып, тийисли қаралар қабыл етиўимиз, көп тармақлы фермер хожалықлары, қыйтақ жерлердиң нәтийжесин арттырыўға қаратылған жумысларымызды күшейтиўимиз керек.

Аўыл хожалығында шыдамлы, ертеписер, зүрәәтли егин сортларын жаратыў, шарўашылықта нәсилшиликти жақсылаў, ең үлкен байлық болған жер ҳәм суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў, туқымгершиликти раўажландырыў итибарымыз орайында турыўы керек.

Келеси жылы суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў мақсетинде Мәмлекетлик бюджеттен дерлик 1,7 триллион сум, халықаралық финанс институтларының 84 миллион доллар муғдарындағы қаржысын қаратыў режелестирилмекте.

Сондай-ақ, суў сақлағышлар тармағын кеңейтиўдиң есабынан суўғарылмайтуғын жерлерди өзлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылады.

Бул ушын Ташкент ўәлаятында жәми 45 миллион куб метр суў жыйналатуғын «Паркентсай», «Қызылсай», «Таштепа», Жиззақ ўәлаятының Фориш районында «Караман», Қашқадәрья ўәлаятында «Гулдара», «Аяқчисай», Самарқанд ўәлаятында «Булунғур» суў сақлағышлары қурылады.

Келеси еки жылда болса 1 миллион 200 мың гектар жердиң суў тәмийнаты турақлыластырылады, жылына 1 миллиард 700 миллион куб метр суў үнемленеди ҳәм 600 мың гектар жердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланады.

Биз ушын оғада әҳмийетли ўазыйпа – аўыл хожалығы ушын жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе болған жоқары ҳәм орта арнаўлы мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўимиз керек. Бул бағдарда сырт елдеги жетекши жоқары оқыў орынлары менен бирге қоспа факультетлер шөлкемлестириў, жақында жумыс баслаған «Ел-журт үмити» қоры арқалы агро тараў қәнигелерин, жас кадрларды раўажланған сырт еллерде оқытыўға айрықша әҳмийет бериўди заманның өзи талап етпекте.

Келеси жыл аўыл хожалығында 1 миллиард 870 миллион АҚШ доллары көлеминдеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў белгиленип атырғаны бул тараўдағы жумыслардың көлеми де, жуўапкершилиги де қаншелли жоқары екенинен дәрек береди.

Өз алдымызға қойған ўазыйпаларды атқарыў, мәмлекетимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халқымыздың дастурханын төгин-шашын етиўдей уллы мақсет жолында турмыс сынақларында тапланған, мәрт ҳәм сабырлы фермерлеримиз Өзбекстанның барлық аўыл хожалығы хызметкерлери бар билим ҳәм тәжирийбелерин, күш-ғайрат ҳәм имканиятларын жумсап, өзлерин аямай мийнет етеди, деп исенемен.

Әзиз досларым, ўатанласларым!

 

Сизлерди және бир мәрте Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Бәршеңизге денсаўлық, жумысларыңызға жаңадан-жаңа табыслар, шаңарақларыңызға пайыз-берекет тилеймен.

Өмириңизден, мийнетиңизден берекет табың!

Кирип киятырған жаңа – 2019-жылы зүрәәтимиз және де мол болсын!

Қабыл етип атырған барлық реже ҳәм бағдарламаларымыз орынлансын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти