Сондай-ақ, усы жыл 3-5-декабрь күнлери аралығында Сербия мәмлекетиниң Нови-сад қаласында спорттың самбо түри бойынша 2002-2003-жыллары туўылған жас өспирим ҳәм қызлар арасында  Жәҳән чемпионаты өткерилди.

Жәҳән чемпионатына дүньяның 34  мәмлекетлеринен ең күшли спортшылар қатнасты. Оған Қарақалпақстанның Елликқала районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң спортшысы Моҳигүл Камилжанова 60 кг салмақта қатнасып, қола медальды қолға киргизди.

 

– Ҳәр бир тренер ушын шәкиртиниң жетискенликке ерискени үлкен мақтаныш. Шәкиртим епшил ҳәм шаққан, тапсырманы булжытпай орынлайтуғын талапшаң спортшы, – дейди тренер Расул Балтабаев. Шәкиртим бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы болды. Спортшы қызымыз  келешекте буннан да жоқары табысларға ерисиўине тилеклеспен.

Спортшыларды күтип алыў мәресиминде спортшылардың ерискен жетискенлиги менен қутлықлап, келешекте буннан да жоқары табысларға ерисиўине тилеклеслик билдирди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы