2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарына муўапық нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын реформалаў елимизди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири болып табылады. Усы ҳүжжетте пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлери, олардың әдил судлаўдан пайдаланыў ҳуқықы, суд жумысларын алып барыў нәтийжелилигин және сапа дәрежесин арттырыў суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған реформалардың шешиўши бағдарлары сыпатында беккемлеп қойылған.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинлерин исенимли қорғаўдың кепиликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы және «Өзбекистан Республикасы суд системасының структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманларының қабыл етилиўи суд-ҳуқық системасын реформалаў бағдарындағы әҳмийетли қәдем болды, сондай-ақ, усы саладағы мәмлекетлик сиясаттың сапа жағынан жаңа дәрежеге өткенлигин көрсетти. Бирден-бир жоқарғы суд уйымы, қәнигелестирилген судлар, атап айтқанда, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди. Және усы саладағы кадрларды таңлап алыў ҳәм тайынлаў процеси жетистирилди.
Өзбекистан Республикасының усы жыл 12-апрельде қабыл етилген «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына, Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал ҳәм Хожалық процессуал кодекслерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен бир қатар нызам жойбарлары таярланды ҳәм парламенттиң төменги палатасына киргизилди.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2017-жыл 19-октябрь күни болып өткен гезектеги мәжилисинде депутатлар усы нызам жойбарларын биринши оқыўда көрип шықты.
Депутатлар өз жумысын «Өзбекистан Республикасының Экономикалық процессуал кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шығыўдан баслады. Кодекс жойбарында барлық соңғы жаңалықлар, соның ишинде, судлар жумысының заманагөй инновациялық усыллары, суд мәжилисин аудио ҳәм видео түринде алып барыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, экономикалық суд жумысларын алып барыўда қатнасатуғын шахслардың дизимин кеңейтиў усыныс етилмекте. Шет ел судларының ҳәм арбитражларының қарарларын тән алыў және оранлаўға қаратыў ҳаққындағы жумысларды, соның менен бирге, юридикалық әҳмийетке ийе фактлерди белгилеў туўралы жумысларды көриў тәртибин нәзерде тутатуғын баплар киргизилмекте. Келиспеўшиликлердиң тез көрип шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде судта көрилиўге тийислиликтиң улыўма қағыйдасы өзгертилмекте. Себеби, юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата даўа арзалары судқа олардың дизимге алынған орны бойынша бериледи, буннан тысқары келисим тәртип-қағыйдаларына бағышланған жаңа бап киргизилмекте.
Буннан соң «Өзбекистан Республикасының ҳәкимшилик суд жумысларын алып барыў ҳаққындағы кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды. Депутатлар усы нызам жойбарында бир тәрептен, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм олардың лаўазымлы шахслары және басқа тәрептен – физикалық ҳәм юридикалық шахслар, шөлкемлер арасындағы ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер бойынша жумыс алып барыў тәртибин қатаң белгилейтуғын нызам ҳүжжетлериниң қағыйдаларын бир түрге енгизиў нәзерде тутылып атырғанын атап өтти.
Мәжилис қатнасыўшыларының атап өткениндей, бүгинги күнде ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў саласындағы қатнасықларды тәртипке салатуғын нызам ҳүжжетлериниң қағыйдаларын бир түрге енгизиўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти жаратыў идеясы өзине тән әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселе болып табылады.
«Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шығыў даўамында депутатлар Пуқаралық процессуал кодексиниң дүзилиси өзгертилгенин атап өтти. Соның ишинде, усы кодекстиң жойбары және де қолайлы түрде ҳәм логикалық избе-изликте баян етилген. Бар ҳуқықый кемшиликлерди толықтырыў мақсетинде пуқаралық суд жумысларын алып барыўдың процессуаллық қағыйдалары анағурлым толық тәртипке салынған. Пуқаралық процессуал кодексин таярлаў процесинде шет мәмлекетлердиң, атап айтқанда, Германияның, Францияның ҳәм бир қатар ҒМДА еллериниң пуқаралық процессуал нызам ҳүжжетлери үйренип шығылды.
Атап өтилгениндей, жойбарда протест келтириў ҳаққындағы арзаларды қадағалаў тәртибинде көрип шығыўдың жаңа тәртиби нәзерде тутылған болып, оған муўапық бундай арзаны қабыл етиў ямаса оны қадағалаў тәртибинде көрип шығыўды бийкар етиў судьяның ажырымы тийкарында шешиледи ҳәм усы ажырымға Жоқарғы суд баслығы яки оның орныбасарлары наразылық билдириўи мүмкин. Бундай жағдайда жумыс арзаны көрип шығыў ушын қадағалаў инстанкциясының судына өткериледи.
Пуқаралық процессуал кодексине киргизилиўи нәзерде тутылып атырған өзгерислер менен қосымшалар келешекте биринши суд инстанцияларында жумысты қайта-қайта көрип шығыў жағдайларының алдын алыў имканиятын береди. Бул, өз гезегинде, пуқаралық жумысындағы тәреплердиң бузылған ҳуқықларын исенимли қорғаўды тәмийинлейди.
Биринши оқыўда көрип шығылған усы нызам жойбарлары суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин буннан былай да тәмийинлеўге, олардың жумыс нәтийжелилигин ҳәм абырой-мәртебесин арттырыўға қаратылғанлығы депутатлар тәрепинен атап өтилди.
Улыўма алғанда қызықлы пикир-усыныслар руўхында болып өткен мәжилисте депутатлар биринши оқыўда қабыл етилген нызам жойбарларына өз көз-қарасларын билдирди.
Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети