Қураллы Күшлер тараўында басқышпа-басқыш алып барылып атырған  реформалар бүгинги күнде миллий армиямыздың, күш-қүдиретин, жаўынгерлик таярлығын ҳәр тәреплеме жетилистириўге тийкар жаратпақта. Елимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң Қураллы Күшлеримизди жаратыўдың жаңа жоллары негизинде миллий армиямызда реформаларды әмелге асырыў бойынша узақ муддетке мөлшерленген бағдарламалар жаратылды. Усы бағдарламалар негизинде заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалық ўазыйпаларды сапалы орынлайтуғын, шегараларымыздың тынышлығын ҳәм турақлығын тәмийнлейтуғын қүдиретли армиямыз қәлиплести.  Тыныш-татыў күнлеримизди, ашық-аспанымызды көздиң қарашығындай сақлап киятырған, өз тәғдирин Ана ўатан тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпа менен байланыстырған әскерий хызметкерлер ҳәр дайым мәмлекетимиз итибары ҳәм қоллап-қууатлаўында болып келмекте.  

Ғәрезсизлик жылларынан баслап, миллий армиямыздың күш-қүдиретин арттырыў, тараўда хызмет етип атырған әскерий хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың турмыс шараятын жақсылаўға,  шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў, әскерий қалашаларда заман талапларына жуўап беретуғын социаллық-турмыслық шараятларды жаратыўға айрықша итибар каратылды. Усы мақсетте комплексли бағдарламалар әмелге асырылып, оның шеңберинде 15 мыңнан аслам әскерий хызметкерлердиң шаңарағы турақ жай менен тәмийинленгени айрықша итибарға ылайық.

Коңырат районындағы Ақшолақ посёлкасы пуқаралар жыйынындағы әскерий хызметкерлерге жаңадан қурып питкерилген көп қабатлы турақ-жайлардың тапсырылыўы усы бағдардағы илажлардың даўамы болды. Әскерий хызметкерлерге турақ жайларды тапсырыў салтанатында шығып сөйлегенлер, бүгинги күнде Қураллы Күшлер тараўына қаратылып атырған итибар, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң күш-қүдирети, бүгингидей тынышлығы туўралы мақтаныш пенен сөз етти. Әскерий хызметкерлерге турақ жайлардың гилти салтанатлы түрде тапсырылды. Жыйналған кең жәмийетшилик турақ  жайларды көзден өткерип, онда жаратылған шараятлар менен танысты. Ҳақыйқатында да  елимиздиң шегараларын, халқымыздың тынышлығын қорғаўдай пидайы иске бел байлаған ел азаматларының ўатан алдындағы хызмети халқымыздың шексиз хурметине ҳәм итибарына мунәсип.

Тиккелей Президентимиз тәрепинен миллий армиямызды, Қураллы Күшлеримизди жетилистириў, тараўда хызмет етип атырған кадрларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар ғәрезсиз елимиздиң раўажланыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болып, халкымыздың тынышлығын тәмийинлеў жолындағы жумысларды даўам еттириўге хызмет етеди.

Усы жылдың өзинде елимиздиң барлық аймақларында әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары ушын оларға жеңилликли ипотека кредитлерин бериў жолы арқалы үш қабатлы 56 турақ жай қурыў белгиленген.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги