Ана тилимизде жазылған сөз ҳәм ибараларды дәслеп китаплардан үйренгенбиз. Өмирдеги қубылыслар ҳаққындағы түсиниклеримиз де ең алды менен мине, усы руўхый байлығымызда өз сәўлелениўин тапқан. Сонлықтан китаплардың инсан өмиринде тутқан орны, руўхый дүньямызды байытыўдағы әҳмийети оғада жоқары.

Президентимиздиң басламасы менен китап оқыўға болған қызығыўшылықты жоқарылатыўға, китаплардан пайдаланыў дәрежесин көтериўге айрықша итибар қаратылмақта ҳәм бул мәселе ҳүкиметлик сиясат дәрежесине көтерилди. Арқа – Батыс әскерий округинде өткерилген «Китаплар ярмаркасы»нда булар өз көринисин тапты.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў хаққында»ғы бийлигинде көрсетилген бир қатар талаплардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Китаплар ярмаркасы» на Арқа – Батыс әскерий округинде ел тынышлығын қорғаўда аянбай мийнет етип атырған тараў ўәкиллери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары қатнасты. Ярмаркада баспадан шыққан соңғы жаңа илимий, әдебий ҳәм балалар ушын китаплар орын алды.

Ҳақыйқатында да, китап  инсанның ең жақын кеңесгөйи болыўы менен бирге, пикирин тереңлестириўши әҳмийетли қурал. Илаж даўамында әскерий хызметкерлер китаплардың турмысымызда тутқан орны хаққында да өз – ара пикир алысты.

Әлбетте, өткерилип атырған бундай илажлар инсанлардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырып, жаңадан басылып шыққан китаплар менен жақыннан танысыўына имканият жаратады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги