Ғәрезсизлик жылларында ҳуқықый демократиялық мәмлекет, әдил пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарында жүргизилип, кең көлемли реформалар бүгин өз нәтийжесин берип, Өзбекстан мәмлекети дүньядағы тез пәтлер менен раўажланып атырған еллер қатарынан орын алмақта.

Ең тийкарғысы, бул жыллар ишинде мәмлекетимизде беккем миллий нызамшылық базасы жаратылды.

Мәмлекетимизде түрли тараўларда қолға киргизилип атырған барлық жетискенликлер негизинде, улыўма халықаралық нормаларға сай тәризде ислеп шығылған, миллий менталитетимиз өз сәўлелениўин тапқан, ғәрезсизлигимиздиң ҳақыйқый жемиси муқаддес ҳүжжет – Конституциямыз турғанлығын бәршемиз жақсы аңлаймыз.

Тарийхқа бир нәзер таслап, бүгинги жетискенликлеримизге қалыс баҳа беретуғын болсақ, мәмлекетимиздиң индустриясы ҳәм санааты ҳәр тәреплеме раўажланған дүнья еллери қатарынан орын алыўы, миллий үрп-әдетлеримиз бенен тарийхымыздың қайта тиклениўи, аўыл ҳәм қалаларымыздың бүгинги жарқын келбети менен елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлықтың түп негизинде ҳуқықый билимлер әлипбеси саналған конституциямыз ҳәм онда белгиленген талаплардың турғанлығын мақтаныш етиўимиз тийис.

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаўдың сиясий, жәмийетлик ҳәм юридикалық механизмлери басқышпа-басқыш жаратылып келинбекте.

Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы еллери арасында бириншилерден болып, Олий Мәжилистиң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили, инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай, әмелдеги нызамлар мониторинги институты усаған демократиялық институтлар дүзилгенлигин келтирип өтиў орынлы.

Конституциямыз халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм ис жүзинде халық ийгилигин тәмийинлейди.

Бул тийкарғы демократиялық принцип тийкарғы нызамымыздың 7-статьясында өз сәўлелениўин тапқан болып «халық-мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги» деп көрсетилген.

Сондай-ақ, тийкарғы нызамымызда пуқараларымыздың жеке ҳуқық ҳәм еркинликлери де жоқары қәдирият сыпатында өз сәўлелениўин тапқан.

24-статьяда жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып табылады деп көрсетилсе, 25-статьяда ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылған.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиз раўажланыўының ҳуқықый негизи есапланған тийкарғы Нызамымыз, ҳәр биримиз ушын жолымызды жақтыландырыўшы нур, уллы ҳәм жарқын келешегимиз негизлери беккемленип қойылған муқаддес ҳүжжет сыпатында қәдирли.

Сөзимниң соңында, пүткил халқымызды, тийкарғы Нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 26 жыллық байрамы менен шын-жүректен қутлықлайман, шаңарақларында аман-есенлик, ҳәр бирине елимиз раўажланыўы жолындағы пидәкерли ислеринде табыслар тилеп қаламан.

 

Ажинияз Пахратдинов,

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары.