Мәмлекетимиз сиясий турмысы, ғәрезсизлик жылнамасында 8-декабрь сәнеси     Өзбекстан Республикасының конституциясы қабыл етилген күн ҳәр жылы халқымыздың өмириндеги ең бир умытылмас күн сыпатында өз орны ҳәм әҳмийетине ийе миллий байрамлар қатарында белгиленип келинбекте.

Мәмлекетимиз өз ғәрезсизлигине ерисип, өзлигимиз кайта тикленди, халқымыздың көп әсирлик әрманлары әмелге асып, өз ўатанының жарқын келешеги ушын еркин мийнет етиў, өз қәдир-қымбатын аңлаў сезимлери кәлиплести.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлик жылларында елимизде жүргизилип атырған туўры сиясат, халқымыздың беккем аўызбиршилиги менен жәмлескенлик мийнетиниң нәтийжесинде, шын мәнисиндеги дүньяның беккем раўажланыў жолынан баратырған мәмлекетлери қатарынан орын алды.

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде түрли тараўларда әмелге асырылған реформалар нәтийжеси, бүгин халқымыз турмысында, дастурханлар молшылығы, елимиздеги беккем аўызбиршилик, экономикалық өсим пәтлериниң жоқарылап барыўы сыяқлы көплеген мысалларда өз сәўлелениўин таппақта.

Әлбетте, биз өткен дәўир ишинде қандай үлкен табысларға ерискен болсақ, бәринен бурын инсан хуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеўге қаратылған муқаддес ҳүжжет – Конституциямыз турғанлығын мақтаныш етемиз.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринен баслап, елимизде демократиялық  ҳуқықый мәмлекет қурыў, пуқаралық жәмийеттиң ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели қорғаў, мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды ҳәм бул нормалар тийкарғы нызамымызда айқын көринисин тапты.

Конституциямыздың 13-статьясында «Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерине тийкарланады, оларға муўапық инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир қымбаты ҳәм басқа ажыралмас хуқықлары ең жоқары қадирият болып табылады» деп  атап өтилсе, 14-статьясында «Мәмлекет өз жумысын инсан ҳәм жәмийет  абаданлығын гөзлеп, социаллық әдиллик ҳәм нызамшылық принциплери тийкарында әмелге асырады» деп белгиленген.

Сондай-ақ, бас Нызамымыздың 31-статьясында «Ҳүждан еркинлиги ҳәмме ушын кепилленеди. Ҳәр бир инсан қәлеген динге исениўге ямаса ҳеш бир динге исенбеўге ҳақылы. Диний көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қойылмайды» деп белгилениўи де пуқараларымыздың жеке ҳуқық ҳәм еркинликлериниң мәмлекет тәрепинен кепилленгенлигинен дәрек береди.

Еркинлик ҳәм бахтымыз тымсалы саналған тийкарғы Нызамымыз ҳәр бир статьясы өзинде жоқары инсаныйлық принциплерин жәмлегенлиги ҳәм халықаралық улыўмалық инсан ҳуқықлары ҳаққындағы нормаларға сәйкес келиўи менен әҳмийетли.

Мәселен, Конституциямыздағы 63-статьяға нәзер салар екенбиз, онда шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны, жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе екенлиги, неке тәреплердиң ықтыярлы разылығы ҳәм тең ҳуқықлығына тийкарланатуғынлығы толық кепилленген.

Сәне мүнасибети менен пүткил  халқымызды тийкарғы Нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 26 жыллық байрамы менен шын-жүректен қутлықлайман, шаңарақларында аман-есенлик, мәмлекетимиз еле де гүллеп раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислеринде табыслар тилеп қаламан.

 

Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары.