Нөкисте «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша жер жузилик декларациясы-инсан ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый тийкары» темасында семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығы, Инсан ҳуқықлары бойынша жер жузилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланып Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илажға мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлери, билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, оқыўшы жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары У.Машарипов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Конституциялық бақлаў комитетиниң жетекши қәнигеси М.Нарбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры, юридика илимлериниң докторы З.Реймова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Конституциясының, Инсан ҳуқықлары бойынша пүткил жәҳән декларациясының инсан ҳуқықларын қорғаўдағы әҳмийетине, конституциялық нормалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекетти, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарындағы түпкиликли реформалар ҳәм өзгерислердиң бәршеси Конституция тийкарында әмелге асырылмақта. Бул болса, Тийкарғы Нызамымыздың шын мәнисинде, халқымыздың мәплерине, елимиздиң стратегиялық мақсетлерине толық жуўап беретуғынлығынан, ҳәр тәреплеме пухта исленген әҳмийетли сиясий ҳүжжет екенлигинен дәрек береди. Ең баслысы, онда инсан өмири, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол-қатылмаслық ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланып, олар мәмлекетимиз тәрепинен қорғалады. Президентимиздиң усы жыл 5-майдағы «Инсан ҳуқықлары жер жузилик декларациясының қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында республикамызда айтарлықтай таярлық жумыслары алып барылды. Себеби Өзбекстан Республикасының Конституциясында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соң қосылған дәслепки халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерден бири болған Инсан ҳуқықлары   жер жузилик декларациясында нәзерде тутылған тийкарғы принциплер өзиниң мәнисин тапқан.

Илажда Өзбекстан Республикасы Конституциясының,  Инсан ҳуқықлары бойынша жер жузилик  Декларациясының мазмун-мәнисин халқымыз, соның ишинде жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша пикир алысыўлар болды.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.