Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы үскенелерден пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.

Уставқа муўапық, өзиниң жеке қәўипсизлиги ҳәм ҳәрекет қатнасыўшылары қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қуўып ямаса бақлап барыў ўақтында ЖПХ хызметкери төмендегилерге әмел етиўи керек:

 

– патруль автомобилинде арнаўлы шырақ-маяк ҳәм даўыслы сигналлар турақлы қосылған жағдайда болыўы;

– анық шараятлардан келип шыға отырып ҳәрекетлениў тезлигин сайлаўы;

– қатардағы бөлим (бөлимше) ямаса ИИБ нәўбетшисине өзиниң баратырған орны, қай жерде екенлиги ҳәм ҳәрекеттиң бағдары ҳаққында мәлим етип турыўы;

– жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшыларын итибарлы ҳәм абайлы болыўы ушын хабардар етип турыўы;

– қуўып ҳәм бақлап барыў ўақтында транспорт қуралының ҳәрекетлениўин шеклеў илажларын көриўи.

 

ЖПХ хызметкери қуўып ямаса бақлап барыў ўақтында жол ҳәрекети қатнасыўшыларының өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўипли болған ҳәрекетлерди әмелге асырыўы мүмкин емес.

ЖПХ хызметкери жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшыларының ҳәрекетине қәўип болатуғын үлкен көлемдеги ҳәм қәўипли жүклерди тасыў қағыйдалары бузылғанлығын анықлағанда, қатардағы бөлим (бөлимше) баслығынан ямаса нәўбетшиден тийисли көрсетпе алғанға шекем, усы транспорт қуралын жолдың ҳәрекетлениў бөлегинен шетке шығарыў илажларын көриўи керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.