Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 28-ноябрь ҳәм 4-декабрь күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорттың гандбол түри бойынша ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан чемпионатының 4-тур ойынлары өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент, Самарқанд, Алмалық қаласы ҳәм Әндижан, Хорезм, Бухара ўәлаятының командаларынан ибарат жәми 250 ден аслам спортшылар қатнасты.
Жарыс жуўмағында «Алмалық кән металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы командасы 36 очко менен биринши, Хорезмниң «Үргениш» командасы 28 очко менен екинши, Ташкент қаласы балалар ҳәм жас өсипиримлер спорт мектеби командасы 24 очко менен үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, усы жыл 28-30-ноябрь күнлери пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың белбеўли гүрес түринен 2000-2001-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги өткерилди.
Жарысқа Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан 300 ге шамалас спортшылар қатнасып, онда жас өспиримлер 11 салмақ категориясында, ал қызлар 7 салмақ категориясында өз-ара күш сынасты.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында қарақалпақстанлы спортшылардан 52 кг салмақта Б.Полатбаева, 57 кг салмақта Ж.Хожакбетова, +70 кг салмақта Н.Абдалиевалар бириншиликти ийелеген болса, 50 кг салмақта А.Қәлилаев, 52 кг салмақта У.Узақбергенова, 65 кг салмақта А.Сатиниязов, 77 кг салмақта И.Айназаровлар екинши орынға ылайықлы деп табылды.
Сондай-ақ, 42 кг салмақта А.Қурбанов, 44 кг салмақта А.Ештаева, 48 кг салмақта Г.Жалғасбаева, 57 кг салмақта Д.Нурымбетова, 70 кг салмақта К.Халмуратова, +70 кг салмақта А.Акимбаева, 71 кг салмақта Р.Жумабаев, 83 кг салмақта Д.Ерназаров, 90 кг салмақта Д.Сейтжанов +90 кг салмақта Е.Оразбаевлар сыйлы үшинши орынға мүнәсип деп табылды.
Солай етип, командалық есапта Ферғана ўәлаятының спортшылары биринши, Әндижан ўәлаятының спортшылары екинши, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласы, Наманган ўәлаяты спортшылары үшинши орынды ийеледи.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги