Өзбекстан Орайлық банки 28-ноябрьден баслап сатыўға шығарылған алтын ҳәм гүмистен таярланған естелик тийинларының сатылыўы бойынша мағлыўмат берди.

Мағлыўматта келтирилиўинше, өткен бир ҳәпте даўамында мың данадан аслам алтын ҳәм үш мыңға шамалас гүмис тийинлар сатылған.

Сатыўға жәми 1900 дана алтын ҳәм 6900 дана гүмис естелик тийинлары қойылған еди.

Сатыўға 1994-2009-жылларда басып шығарылған, 2 түрли алтын ҳәм 14 түрли гүмис естелик тийинлары қойылған болып, олардың ҳақыйқыйлық дәрежеси 999,9 ҳәм аўырлығы 31,1 граммнан ибарат. Естелик тийинның аўырлығы, ислеп шығарыў өзгешеликлеринен келип шығып, көрсетилген параметрлерден 0,01 граммға парқланыўы мүмкин.

Естелик тийинлары Қарақалпақстанда «Қишлоқ қурилиш банк» коммерциялық банкинде сатылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.