Усы жылдың 2-4-декабрь күнлери Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында күш ҳәм қуралларды жедел басқарыў топары басшылары, әскерийлестирилген ҳәм кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлиминиң баслықлары менен экипаж командирлериниң топарына киретуғын хызметкерлер арасында «Ағла хызметкер» ҳәм «Алдыңғы қәниге» таңлаўының жуўмақлаўшы республикалық басқышы өткерилди.

Оған жәми 83 хызметкер қатнасты.

Таңлаўдың күш ҳәм қуралларды жедел басқарыў топары баслықлары арасында Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги өрт қәўипсизлиги басқармасынан аға лейтенант  Баўыржан Мақсетов 3-орынды ҳәм кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлегиниң экипаж командирлери арасында Беруний районы 2-кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлиминиң экипаж командири Утесов Навруз 1-орынды ийеледи.

Жеңимпазлар диплом ҳәм баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги