Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыны Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

 photo5206542146180589938.jpg

Мәжилисти Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Кенгаш Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилисин усы жылдың 13-декабрь күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сенат жалпы мәжилисиниң додаланыўына Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы мәселе киргизилмекте.

Сондай-ақ, жалпы мәжилис күн тәртибине Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамлары және елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик  бағдарламаны орынлаўға, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған мәселелер киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасының Консуллық уставын тастыйықлаў ҳаққында»ғы, «Жәбирлениўшилерди, гүўаларды ҳәм жынаят процессиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў механизмлерин, айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысын, аўыл хожалығында егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў механизмин жетилистириўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамлар усылардың қатарына киреди. Соның менен бирге, халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳаққындағы нызамлар да көрип шығылады.

Буннан тысқары, сенаторлар жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тараўындағы жумысы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң министрликтиң 2018-жылғы жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлайды.

Жалпы мәжилисте Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабы тыңланады.

Сенаторлар пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссиясы баслығының мәлимлемесин тыңлайды ҳәм 2019-жылда көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў бағдарламасы ҳаққындағы мәселени де көрип шығады.

Сенат ағзалары Өзбекстан Республикасы Бас министрине контракт бойынша әскерий хызметке кириў ҳәм оны өтеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў барысы ҳәм бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша парламентлик сораў жибериў менен байланыслы мәселени додалайды.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының он жетинши жалпы мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларды муўапықластырыў ушын Сенат Кенгаши тәрепинен жумысшы топар дүзилди.

Мәжилисте Сенат Кенгашиниң ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

ӨзА