GM Uzbekistan моделлер қатарын жаңалаў бағдарындағы стратегиясына муўапық Chevrolet Malibu  автомобиллериниң  ҳәзирги әўлады ислеп шығарыўдан тоқтатылғанын мәлим етти.

Хабарда айтылыўынша, моделлер қатарын жаңалаў бағдарындағы стратегиясына  муўапық Chevrolet Malibu автомобиллериниң ҳәзирги әўлады ислеп шығарыўдан тоқтатылады.

Бул моделдеги автомобиллерди сатып алыў ушын шәртнамалар дүзиў 2018-жыл 31-декабрьге шекем даўам етеди.

GM Uzbekistan дилерлик кәрханалары менен биргеликте сатып алыўшылар алдындағы миннетлемелериниң орынланыўын толық тәмийинлейди және бурын шәртнама дүзген сатып алыўшыларға автомобиль толық көлемде жеткерип бериледи.

Жаңалықларымызды бақлап барың!

ӨзА